Президент Шавкат Мирзиёев 8-февраль күни пайтахтымыздағы бир қатар әҳмийетли жойбарлар менен танысты, мәҳәлле халқы менен сәўбетлести. Сондай-ақ, жуўапкерлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында әҳмийетли мәселелерди додалады.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ташкент метрополитениндеги қурылыс жумыслары менен танысты.

Инсан ушын өз мийнетлериниң нәтийжесин көриў, адамларға қуўаныш бағышлаў – үлкен бахыт. Мәмлекетимизде халықтың мүшкилин аңсат, узағын жақын етиўге қаратылған бундай ийгиликли жумыслар жүдә көп.

Тек ғана транспорт тараўын алғанда, кейинги жыллары үлкен жойбарлар әмелге асырылды. 2020-жыл августта Ташкент жер үсти метросының биринши басқышы иске қосылған еди. Сол жылы декабрьде Сергели жөнелиси ашылды. Ҳәзирги күндеги жолаўшылар ағымынан билиў мүмкин, бул жойбарлар өзин толық ақлады.

Бул жумыслар избе-из даўам еттирилип, усы еки жөнелисти байланыстырыўшы Қойлықтан Сергелиге шекемги метрополитен қурылмақта. Дерлик 12 километрлик бул бөлегинде 7 бәндирги болады. Ҳәзирги күнлери оның Қурылысшылар майданына шекем барған 5 бәндиргиси қурып питкерилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы транспорт объектин барып көрди. Нураныйлар ҳәм белсендилер менен сәўбетлесиўде жойбардың әҳмийети ҳаққында сөз болды.

– Кейинги жыллары бул бағдарда да тәжирийбе жыйнадық. Қойлық жөнелисинде 7, Сергелиде 5 бәндиргили жер үсти метролары қурылды. Алдын Ташкент метрополитенинен 240 мың жолаўшы пайдаланған болса, ҳәзирги күнде 600 мыңнан асты. Режемиз – 1 миллион жолаўшы. Егер өз ўақтында оны басламағанымызда, қала транспортында коллапс болыўы мүмкин еди. Енди альтернатив энергетиканы да үйренбесек болмайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз жәмийетшилик ўәкиллери менен бирге метрода жүрди.

Қурылысшылар майданынан Қыпшақ бәндиргисине шекемги дерлик 4 километрлик метро жолы да жақын айларда иске қосылады. Усы тәризде, Қойлық ҳәм Сергели арасындағы қатнаў ўақыты 15 минутты қурайды. Бул жөнелис бир күнде 40 мыңға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады.

Оның есабынан жеке транспортларға талап азайып, тығылыс сапластырылады. Атап айтқанда, Қойлық – Сергели жөнелисинде ҳәрекетленетуғын күнлик автомобильлердиң саны 40 мыңға шекем қысқарып, транспорт ағымы 12 процент азайыўы мүмкин.

Улыўма, бул басқыш қурып питкерилиўи менен Ташкент метрополитениниң жәми узынлығы 70 километрден аслам, бәндиргилер саны 50 болады. Метрода жүриўши күнлик жолаўшылардың саны 650 мыңға шекем жетеди. 245 жаңа жумыс орны жаратылады.

Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздағы «Aysel Energy» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Ҳәммемизге белгили, быйылғы қыс әдеўир суўық болғаны электр энергиясы системасындағы машқалаларды айқын жүзеге шығарды. Атап айтқанда, айырым ески трансформаторлар жүклениўди көтере алмай, электр тәмийнатында үзилислер бақланды.

Мәмлекетимиз басшысы тараў жуўапкерлерине электр тармақларын жаңалаў, зәрүр үскенелер ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берген еди. Бул сапары сол ўазыйпалардың орынланыўы, келешекте энергетикалық машқалалардың алдын алыўға қаратылған жумыслардың бир бөлеги.

«Aysel Energy» жылына 10 мың ири электр үскенелерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Түркия технологиясы орнатылған кәрханада локализациялаў дәрежеси 70 процентке жеткен. Нәтийжеде өним ислеп шығарыўдың өзине түсер баҳасы ҳәм орнатыў қәрежети аз. Бул ескирген трансформаторларды тек ғана пайтахтта емес, ал пүткил республикамызда жаңалаў имканиятын береди.

Жуўапкерлер быйыл елимизде 3 мың 200 трансформатор, 12 мың километр кабеллерге зәрүрлик бар екенлиги ҳаққында мәлимлеме берди. Мәмлекетимиз басшысы импорт таллаўынан келип шығып, өндирис көлемин арттырыў, жергиликли өнимлерге буйыртпаларды көбейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Улыўма, энергетика тараўындағы бундай жумыслар электр тармақларының турақлылығын арттырыўда әҳмийетли фактор болады.

Мәмлекетимиз басшысы Сергели районындағы Эзгулик мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен танысты.

Бул жерде 26 көп қабатлы турақ жай бар, 6 мыңнан аслам халық жасайды.

Президентимиз мәҳәлле ўәкиллеринен ҳал-жағдай сорады. Нураныйлар өткен суўық күнлерде халқымыздың ҳәм мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлериниң бирлиги менен қыйыншылық артта қалдырылғанын айтты. Энергетика ҳәм коммуналлық хызметлер 24 саат даўамында ислеген, оператив илажлар көрип барылған. Атап айтқанда, мәҳәлледеги трансформатор да жаңаланған.

– Бул бизге сабақ болыўы керек. Энергетикада 3-4 есеге көбирек резерв жаратыўымыз зәрүр. Соның ушын қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыўға итибар берип атырмыз. Ол-альтернатив, исенимли ҳәм экологиялық таза,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәҳәллелердеги тийкарғы ўазыйпа халықтың бәнтлиги ҳәм жаслар тәрбиясы екени атап өтилди. Сонлықтан да быйыл елимизде «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» дәп жәрияланды. Оқыўшылар мектепте еки шет тилин ҳәм бир кәсипти үйренип шығыўы ушын шараят жаратылмақта. Халқымыз бул ҳәрекетти қоллап-қуўатламақта.

Нураныйлар елимизге тынышлық-қәтержамлық, халқымызға абаданлық тилеп пәтия етти.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, мәҳәллелерди абат етиў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Онда қала ҳәм районлардың жуўапкерлери, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Бәринен бурын, энергетика мәселелерине итибар қаратылды. Бул бағдардағы қосымша дәреклерден бири қайта тиклениўши энергия. Ташкент қаласында кеминде 2 мың мегаваттқа шамалас қуўатлықтағы қуяш панеллерин орнатыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, көп қабатлы турақ жайлар, социаллық объектлер ҳәм басқа имаратлардың жоқары бөлими, санаат зоналары, автомобиль турыў орынларын ҳәм ири суў объектлериниң аймағын қамтып алыў мүмкин. Бул илажлар көрилсе, есап-санақларға бола, 2023-жылы күтилип атырған 240 миллион киловатт саатлық қосымша талапты 4 есе артығы менен, яғный 1 миллиард 80 миллион киловатт саат көлемде тәмийинлеў имканияты пайда болады.

Президентимиз электр ислеп шығарыўда мәмлекетлик монополиядан кетип, бәсекили орталық енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти. Соның ишинде, мәмлекет панель орнатқан исбилерменлерден электрди кепилликленген түрде сатып алады. Кейинги жылдан болса басқа тутыныўшыларға да сатыўы мүмкин болады. Халық өз хожалығында панель орнатса, мүтәжлигинен артық тармаққа сатқан электр энергиясының ҳәр бир киловатты 1 мың сумнан сатып алынады.

Сонлықтан, санаат зоналары ҳәм ири кәрханаларда 400 миллион киловатт саатлық қуяш панеллерин орнатыў, Жоқары Шыршық районында 500 мегаваттлы қуяш электр станциясын қурыў илажлары белгиленди. Социаллық тараў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың имаратларында да қуяш панеллерин орнатыў, санаат кәрханаларында электр шығынларын азайтыў, магистрал ыссылық тармақлары ҳәм 1 мың 817 көп қабатлы турақ жайдың ишки ысытыў системасын жаңалаў системасын жаңалаў бойынша тапсырмалар берилди.

Улыўма, қалада қайта тиклениўши энергия енгизиў ушын 1 миллиард доллар қаратылады.

Мәжилисте 2023-жылы пайтахтта халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери де додаланды.

Жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша үлкен шеклерге ерисиўде исбилерменлерге сүйениў, оларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, быйыл Ташкент қаласында хызметлер тараўын раўажландырыў ушын 20 триллион сум кредит қаратылады, шаңарақлық исбилерменлик ушын 300 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

Қала мәҳәллелеринде социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны жақсылаў ушын 1,4 триллион сум, сондай-ақ, «Басламалы бюджет» шеңберинде 573 миллиард сум қаратылатуғыны атап өтилди.

Президент мәҳәллелерди абат етиў, жоллар ҳәм суў имаратларын оңлаў мәселелеринде де тоқтап өтти. Соның ушын қаладағы 584 мәҳәллениң ҳәр бирине бюджеттен қосымша 1 миллиард сумнан, жәми 584 миллиард сум ажыратыўға қарар етилди.

Мәжилисте жәмийетлик транспорт тараўына және бир мәрте итибар қаратылды. Жолаўшыларға қолайлықларды арттырыў мақсетинде 1-апрельге шекем қосымша мың автобус алып келинип, 25 көшеде автобуслар ушын өз алдына жоллар шөлкемлестирилетуғыны, светофорларды жолаўшы ағымына қарап басқарыў, автомобиль турыў орынлары ҳәм паркоматлар шөлкемлестирилетуғыны айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы қурылысқа руқсат берилгенде, ҳәзирги инфраструктураға жүклеме бойынша анық есап-санақ етилмей атырғаны, жасыл майданлар шөлкемлестириў жумыслары қурылыслар менен үнлес алып барылмай атырғанын сынға алды. Сонлықтан, қаланың бас режеси тастыйықланбағанша жаңа қурылысларға мораторий жәрияланады.

2023-жылы Ташкент қаласының жасыллық дәрежесин 28 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды. Усы мақсетте 100 гектар майданда бағ шөлкемлестирилип, «Ташкент жасыл белбеўи» жойбарының басланатуғыны айтылды.

Пайтахтта шығынды менен ислесиў де қанаатландырарсыз екени көрсетип өтилди. «Махсустранс» жумысын реформалаў, шығындыларды қайта ислеў дәрежесин 50 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилис жуўмағында қала басшылары ҳәм районлар ҳәкимлериниң есабаты тыңланды.

Бул жерде Ташкент қаласында хызметлерди раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў режелери таныстырылды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары