Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сиз, әзизлерди Уллы жипек жолының әҳмийетли кесилиспеси болған әййемги ҳәм бийтәкирар Самарқанд қаласында II Өзбекстан халықаралық экономикалық форумының ашылыўы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, барлығыңызға өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Быйылғы әнжуманның тийкарғы сөйлесиў темасы «Инсан мәплерин экономикалық реформалардың баслы мазмунына айландырыў» мәселесине бағышланғаны бийкарға емес.

Дүньяда даўам етип атырған қыйын пандемия ҳәм глобал экономикалық кризис ақыбетлери, ҳәр қыйлы тынышсызлықлар ҳәм келиспеўшиликлер фонында пайда болып атырған азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, климат өзгериўи машқалалары инсан тәғдири ҳаққында айрықша бас қатырыўды күн тәртибине әҳмийетли мәселе етип қойып атырғанын әлбетте, барлығымыз көрип турмыз.

Бүгинги форум абырайлы халықаралық шөлкемлер, жетекши сырт ел компаниялары ҳәм белгили экспертлер қатнасыўында бул бағдардағы алдыңғы тәжирийбелерди додалаў ҳәм биргеликте улыўмалық ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў ушын қолайлы имканият болып хызмет етеди, деп исенемен.

Қәдирли дослар!

Биз халқымыз бенен мәсләҳәтлесип ислеп шығылған ҳәм ҳәзирги ўақытта жедел әмелге асырылып атырған Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарында барлық тараўларда жедел реформаларды әмелге асырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды белгилеп алдық.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде 2022-2026-жыллары инклюзив ҳәм турақлы экономикалық өсиўге ерисиў, инсан капиталын раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты кеминде 2 есеге қысқартыўды мақсет еткенбиз. Оның ушын, биз төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды системалы түрде әмелге асырмақтамыз.

Бириншиден, экономикада жеке меншик сектордың ролин түп-тийкарынан арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, инвестиция ҳәм саламат бәсеки орталығын жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бул бойынша аймақлардың шараяты, өзине тән өзгешелиги ҳәм имканиятынан келип шыққан ҳалда, бизнес ушын салық жүгин избе-из азайтып  барыў ҳәм қаржы ресурслары менен тәмийинлеў үлкен әҳмийетке ийе.

Екиншиден, халықтың турмыс сапасын арттырыў ҳәм жасаў шараятын және де жақсылаў мақсетинде ҳәр бир мәҳәллениң инфраструктурасын раўажландырыў бойынша кең көлемли бағдарламаларды турмысқа енгизбектемиз.

Соның ишинде, пүткил республикамыз бойынша «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» ҳәм «Басламалы бюджет» бағдарламалары шеңберинде халық ушын зәрүр болған ишимлик суўы, электр энергиясы тәмийнаты, ишки жоллардың жағдайы жақсыланып, билимлендириў, медицина мәкемелери ҳәм басқа да социаллық объектлер қурылмақта.

Үшиншиден, халықтың кәмбағал ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларын мәнзилли социаллық қорғаў системасы менен толық қамтып алыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

Онда профессионаллық билимлендириўдиң сапасын арттырыў, мийнет базарында талап жоқары болған заманагөй кәсип-өнерлерге оқытыў арқалы халықты, биринши гезекте жасларды ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў ҳәм кепилленген дәрамат дәреги менен тәмийинлеў мәселеси стратегиямызда әҳмийетли орын ийелейди.

Төртиншиден, сыртқы базарлар ҳәм бирге ислесиўши мәмлекетлерде пайда болған қәўипли жағдай шараятында мәмлекетимизде макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм инфляция пәтлерин сақлап қалыў илажлары көрилмекте. Нәтийжеде, усы жылы мәмлекетимизде 5 проценттен жоқары экономикалық өсиў күтилмекте.

Бесиншиден, аўыл хожалығына суў ҳәм ресурс үнемлеўши, «ақыллы» технологияларды енгизген ҳалда, өним ислеп шығарыўдың турақлы системаларын жаратыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бәрқулла дыққат орайымызда болады.

Алтыншыдан, барлық бирге ислесиўши мәмлекетлер менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, бәсекиге шыдамлы өнимлер менен сыртқы базарларға шығыў, бул бойынша транспорт-логистика системаларын раўажландырыў арқалы өз-ара байланыслылықты тәмийинлеў реформаларымыздың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Әлбетте, Жаңа Өзбекстан өзиниң алдына қойған жоқары шеклерди әмелге асырыўда халықаралық финанс шөлкемлери, сырт мәмлекетлер ҳәм жетекши компаниялар менен тығыз бирге ислеспекте.

Усы жерде, бизди қоллап-қуўатлаған, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасып атырған барлық шериклеримизге өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.

Илажда Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки сыяқлы абырайлы шөлкемлердиң ўәкиллери  ҳәм потенциаллы инвесторлар қатнасып атырғаны бул форумның жумысы және де нәтийжели болыўына хызмет ететуғынына исенемен.

Бүгинги әнжуман қатнасыўшылары жаңа жойбарларды әмеле асырыў бойынша өз-ара пайдалы келисимлерге ерисип, шериклик байланысларымызды және де кеңейтиўге мүнәсип үлес қосады, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда айрықша күш-ғайрат ҳәм әўметлер, форум жумысына болса үлкен табыслар тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти