Президент Шавкат Мирзиёев Сеул қаласының орайында жүз берген ўақыя ақыбетинде көплеген инсанлардың қайтыс болғаны мүнәсибети менен Корея Республикасы Президенти Юн Сок Ёлға кеўил билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына кеўил билдирди, жарақатланғанлар тез ўақыт ишинде тәўир болып кетиўин тиледи.

Алдын ҳәдийседе қайтыс болғанлар саны 151 адамға жеткенин мәлим еткен еди. Қурбанлар арасында өзбекстанлы да бар.

Еслетип өтемиз, бул ҳәдийсеге Сеулдиң Итховен көшесинде Хеллоуин байрамын белгилеў ўақтында жүз берген тығылыс себеп болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги