Самарқанд қаласындағы «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм комплексиндеги Конгресс орайында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Парламентлераралық Ассамблеясының гүзги сессиясы болып өтпекте.

Онда ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясына киретуғын мәмлекетлер парламентлери делегациялыраның басшылары ҳәм ағзалары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, илимпазлар ҳәм экспертлер, журналистлер қатнаспақта.

Илаж қатнасыўшысы – Армения Республикасы Миллий ассамблеясының регионаллық ислер ҳәм Евроазия интеграциясы бойынша турақлы комитетиниң ағзасы Алексей Сандыковтың пикирлери менен қызықсындық:

– Самарқандта усы күнлерде бир ўақыттың өзинде бир неше абырайлы илажлар болып өтпекте, – деди А.Сандыков. – ҒМДАға ағза мәмлекетлер ўәкиллериниң қатнасыўында өтип атырған бул илажлар жоқары дәрежеле шөлкемлестирилген.

Мәмлекетиңиз бул бағдарда ҳәр сапары өзиниң кең көлемли жумыслары менен бизлерди таң қалдырмақта. Өзбекстан, атап айтқанда, Самарқанд халықаралық көлемде өткерилетуғын абырайлы, глобаллық илажлар орайына айланды. Әсиресе, кейинги ярым жылдағы өзгерислер оғада ҳайран қалдырады.

ҒМДА мәмлекетлери, әлбетте, ғәрезсиз ҳәм ҳәр бири өз жолына ийе. Бирақ, өз-ара бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў пайдадан жырақ емес. Усы көзқарастан, бүгинги халықаралық конференция да мәмлекетлеримиз, регион турмысында әҳмийетли орын ийелейди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы