Астана қаласында Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги басшылары  ҒМДА Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисине қатнасты, деп хабар бермекте министрлик.

Армения, Беларусь, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан сыртқы сиясат уйымларының басшылары және ҒМДА Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасқан илаждың күн тәртибинде Дослық аўқамы көлеминде бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды. Сондай-ақ, 14-октябрь күни Астанада болып өтетуғын Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине усынылатуғын ҳүжжетлердиң жойбарлары тастыйықланды, делинеди хабарда.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги