Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы Украинаның басып алынған аймақлары – ЛХР, ДХР және Херсон ҳәм Запорожье ўәлаятларында өткерилген «референдум»ды қаралаўшы резолюция қабыл етти.

Ҳүжжетте Россиядан Украина аймақларын аннексия етиў ҳаққындағы баянатын қайта көрип шығыў талабы да бар.

БМШқа ағза 193 мәмлекеттен 143и резолюция ушын даўыс берди. Тек ғана бес мәмлекет – Беларусь, Арқа Корея, Никарагуа, Сирия ҳәм Россия қарсы даўыс берди. Даўыс бериўде 35 мәмлекет, соның ишинде, Өзбекстан бийтәреп қалды. Даўыс бериўде 10 мәмлекет қатнаспады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги