Илажда Армения, Беларусь, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан сыртқы сиясат уйымлары басшылары ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўамында халықаралық күн тәртиби ҳәм Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Быйыл 14-октябрь күни Астана қаласында болып өтетуғын Мәмлекет басшылары Кеңесиниң мәжилисине усынылатуғын ҳүжжетлердиң жойбарлары тастыйықланды.

ҒМДА шеңберинде 2023-жылы көп дәрежели сыртқы ислер министрликлери аралық мәсләҳәтлесиўлерди өткериў режеси ҳәм 2021-2030-жыллары ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Жаслар бойынша халықаралық бирге ислесиў стратегиясын  2023-2024-жылларға әмелге асырыў бойынша Илажлар режеси мақулланды.

«Дослық Аўқамы спорт пайтахтлары» мәмлекетлер аралық бағдарламасы қабыл етилди. Оған бола, ҒМДА спорт пайтахты статусы ҳәр жылы Дослық Аўқамы мәмлекетлериндеги қалалардан бирине бериледи.

Мәмлекетимиз делегациясы басшысы, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Владимир Норов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан тәрепи ҒМДАны еле де раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын турақлы түрде арттырыўдан мәпдар екенин атап өтти.

Соның менен бирге, Дослық Аўқамды тез өзгериўшең шараятларға бейимлестириў, кризисли жағдайларға жеделлик пенен жуўап бериў ҳәм қатнасыўшы мәмлекетлердиң оларды сапластырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин бирлестириў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан тәрепиниң ҒМДА шеңбериндеги мәмлекетлер аралық ҳәм регионлар аралық бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша бир қатар басламалары жәрияланды.

ҒМДА Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2023-жыл 14-апрель күни Ташкент қаласында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги