Өзбекстан Республикасында ўақтынша болып турған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар миллий паспорт ямаса ҳәрекетлениў ҳүжжети менен ўақтынша дизим тийкарында жасайды.

Ўақтынша дизимге алыў, сырт ел пуқаралары болмаған пуқаралар Өзбекстанға кирип келгенинен кейин Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине 3 жумыс күни даўамында мүрәжат етиў арқалы әмелге асырылады.

Ўақтынша дизимге алыўдың мүддети, усы шахс Өзбекстан Мәмлекетлик шегарасы қадағалаў-өткериў пункти арқалы кирип келген сәнеден кейинги күнниң 00:01 саатынан баслап есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги