«11-октябрь-Халықаралық қызлар күни» мүнәсибети менен Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  «Өмиримиз гүли-Сизсиз қызлар» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Кешени мектеп директоры О.Шерназаров ашты ҳәм мектеп жәмәәтин байрам сәнеси менен қутлықлады.

Онда мектеп директорының орынбасарлары Т.Бекниязов, Д.Қосназарова, үгит-нәсиятшы А.Оразовлар шығып сөйлеп, бүгинги күни ҳаял-қызларымыздың жәмийетимиздеги тутқан орны ҳәм атқарып атырған хызметлерин жоқары баҳалап, оларға мәмлекетимиз Президенти тәрепинен көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилип атырғанын айтып өтти.

Соның менен бирге кешеде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, белгили шайыр  Раўаж Отарбаев өзиниң ҳаял-қызларға арналған жаңа қосықларын оқып берди.

Кешеде мектеп оқыўшылары да елимиз басшылары тәрепинен өзлерине қаратылып атырған дыққат-итибардан оғада қуўанышлы екенлигин билдирип, Президентимиздиң бул исенимин толық ақлайтуғынлығын айтып өтти.

Кеше мектептиң талантлы оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен және де мазмунлы болып өтти.

О.Демеўбаева,

Нөкис районлық ХББ ға қараслы 18-санлы мектеп оқыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги