CentralAsia. Өзбекстанлы ҳәм америкалы илимпазлардың бирге ислесиўинде замаррыққа қарсы жедел гүресетуғын жаңа пахта сортын ойлап тапты. Улыўма етип айтқанда, пахта өними замаррықлы инфекциядан набыт болыў машқаласы мәмлекетимиз ҳәм Калифорния аймағында кеңнен тарқалған. Илимпазлар оған қарсы гүресиў усылын тапты. Нәтийжеде ғаўашаның жаңа түрлери гермплазмасы көбейди. Изертлеў әжайып нәтийже берди. Ҳәзирги ўақытта геномика ҳәм биоинформатика қәнигелери тәрепинен қосымша сынақ өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги