Мәмлекетимизде ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықларға, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы ҳәрекетлер жәмийетте ҳәр қыйлы көринистеги кеўилсизликлерди сапластырыў, тынышлық-татыўлықты тәмийинлеўде үлкен әҳәмийетке ийе.

Мальдив Республикасы Ишки ислер министри Шайх Имрон Абдулла басшылығындағы делегация елимизге келди. Делегацияны Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов қабыллады.

Өзбекстан ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул сапар етиў шеңберинде еки мәмлекет Ишки ислер министрликлери арасында өз-ара бирге ислесиўди орнатыў ҳәм тәжирийбе алмасыў тийкарғы мақсет етип белгиленген.

Ушырасыўда Мальдив тәрепи мәмлекетимиз ишки ислер уйымлары системасында әмелге асырылып атырған реформаларды айрықша атап өтип, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында Өзбекстан тәжирийбесин үйрениў тилегин билдирди.

Делегация ўәкиллери ҳәзирги күнде жынаят ислеген шахслар менен ислесиў системасы, атап айтқанда, оларды социаллық турмысқа бейимлестириў, оларға психологиялық жәрдемлесиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў мәселесинде әмелге асырылып атырған уйымлараралық бирге ислесиў процесин айрықша атап өтти.

М.Комилова,

ӨзА