Компьютерлер, смартфонлар ҳәм басқа да гаджетлер жасы үлкенлердиң көриў қәбилетине унамсыз тәсир етпейди. Бул ҳаққында россиялы офтальмолог, медицина илимлериниң докторы Татьяна Шилова айтып өтти. Оның сөзлерине бола, ноутбук ямаса телефонда узақ ўақыт ислегеннен кейин қолайсызлық көриў қәбилетиниң бузылыўының нәтийжеси емес.

«Айырым жаман әдетлер, мәселен, турмыс тәризи, аўқатланыўды абзал көриў-көриўге унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Бирақ гаджетлер менен ислесиўдиң зыяны жүдә бөрттирилген. Белгили бир тәнепислер менен сегиз-тоғыз саат даўамында компьютерде ислеў үлкенлер көзине пүткиллей норма жүк болып есапланады. Бул әллеқашан көплеген изертлеўлер тәрепинен тастыйықланған», дейди Шилова.

Соның менен бирге, офтальмолог электрон қурылмалардың балалар ҳәм жас өспиримлердиң көриў қәбилетине зыянлы тәсирин тастыйықлайды. Оның атап өтиўинше, баланың көзлери ер жеткенге шекем қәлиплеседи. Соның ушын компьютер ҳәм смарфонлардан жүклениў шекленген болыўы керек. Ҳәр еки-үш саатта тәнепис етиў керек. Бундай минутларда көз ушын пайдалы арнаўлы шығыныўларды орынлаў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги