Пуқаралардың банклердеги аманатлары бойынша ҳақы төлеў мақсетинде банктиң сапластырыў комиссиясы лицензия шығарып алынған күннен баслап 2 ай даўамында кредиторларды анықлаў ҳәм Орайлық банктиң мәжбүрий резервлери фондына депозитқа қойылған дебиторлық қарызлары ҳәм қаржыларды алыў илажларын көреди.

Бул қаржылар биринши гезекте сапластырылып атырған банктиң пуқаралар аманатлары бойынша қарызларын төлеўге қаратылады.

Фонд аралық сапластырыў балансын алған күннен баслап 3 күн ишинде пуқаралардың аманатлары бойынша ҳақы төлеў тәртиби ҳәм мүддетлерин жәриялайды.

Пуқаралардың аманатлары бойынша ҳақы төлеўди Фонд ғалаба хабар қуралларында хабар жәрияланғаннан кейин 10 күн ишинде баслаўы шәрт. Ҳақы төлеў Орайлық банктиң келисими менен Фонд белгилейтуғын банк (агент банк) тәрепинен әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги