3-9-октябрь күнлери республикамызда «Кекселерди қәдирлеў» ҳәптелиги етип белгилениўи мүнәсибети менен аймақларда бир қатар руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар болып өтти.

Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлими тәрепинен де ҳәптелик шеңберинде районда билимлендириў тараўының раўажланыўында пидайылық пенен хызмет еткен халық ардағындағы нураный устазлар ҳалынан хабар алынды.

Илажда районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы А.Қалилаев ҳәм басқалар нураныйлардың үйлеринен хабар алып, олардың ҳал-жағдайы менен жақыннан танысты ҳәм бөлим тәрепинен таярланған естелик саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги