Соңғы ўақытлары республикамызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кенен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099 санлы Пәрманы тийкарында   хызметкерлер арасында  спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм   ғалабалық спортқа кең түрде тартыў арқалы саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

“Спорт-саламатлық гиреўи” сүрени астында Спартакиада жарысларының  өткерилиўи сөзимизге айқын мысал бола алады. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен  Нөкис Әбу Әлий Ибн Сина атындағы жәмийетлик саламатлық техникумының спорт базасында Республикалық емлеў профилактикалық емлеў мәкемелери хызметкерлери арасында саламат турмыс қәлпин енгизиў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде “Спорт-саламатлық гиреўи” сүрени астында спорттың армрестлинг, шашка, стол тенниси, жеңил атлетика, дартс, арқан тартыў түрлери бойынша Спартакиада шөлкемлестирилди.




Спартакиаданың ашылыў салтанатында  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң аналық ҳәм балалықты қорғаў ҳәм репродуктивлик саламатлық бойынша орынбасары Акмал Асқаров, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Лизахан Байбосыновалар шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Спорт жарыслары жуўмағында улыўма командалық есапта Қарақалпақстан Республикасы Санитария эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы   1-орынды, 1-санлы Республикалық руўхый  ҳәм неврологиялық диспансери  2-орынды, Республикалық Оба профилактикасы орайы Қарақалпақстан филиалы 3-орынды ийеледи.

Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилердиң  дәрежели кубоклары, дипломлары, медальлары ҳәм  баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.


Сондай-ақ, жарыста «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», “Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы”, “Жеңиске болған умтылыўшылығы ушын”,  “Ең жасы киши қатнасыўшы” номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, оларға да арнаўлы дипломлар ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы