Тахтакөпир районындағы 6-санлы информатика ҳәм мәлимлеме технологияларын теренлестирип окытыўға кәнигелестирилген улыўма орта билим  бериў мектебинде «Кекселер ҳәптелиги» шеңберинде “Қызыма айтар ақылым” атамасында   әдебий кеше өткерилди.

Оған мектептиң жоқары класс оқыўшылары ҳәм муғаллимлери менен бирге,  район ҳәкимлигинен ўәкиллер, Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы нураный апалар  қатнасты.

Кешеде район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-кызларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслыгы Г.Сейтназарова, “Ғәрезсизлик” МПЖ баслығы А.Аллиярова, нураный апалардан  банк тараўында көп жыллар хызмет еткен Ж. Махаметдинова, 4-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине 40 жыл басшылық еткен С.Жүзбаева, районлық медицина бирлеспесинде бас мийирбийке болып ислеген К.Кенжебаева, 6-санлы мектепте 33 жыл дене тәрбия муғаллими болып ислеген  Ж.Қурбанбаева ҳәм мектеп директоры А.Мадреймовалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлар, соның ишинде, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳәм оннан пайдаланып қалыў кереклиги ҳаққында оқыўшыларға кең түсиниклер берди.
Сондай-ақ, нураный апалар өзлеринин басып өткен өмир жолларына да тоқтап өтип, жасларға ақыл-нәсиятларын берди.

Кешеде мектеп оқыўшылары тәрепинен бир қатар сораўлар берилип, оларға тийисли  жуўаплар алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги