Бүгинги жасларымыз ушын елимизге белгили жасы үлкенлердиң үлгили ислерин өрнек етип көрсетиў ҳәм олардың ис-тәжирийбесин үйрениў ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып табылады.

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде республикамыз бойлап өткерилип атырған «Кекселер ҳәптелиги» шеңберинде республикамызға белгили салыкеш, «Меҳнат шуҳрати» ордени ҳәм «Шуҳрат» медалының ийеси, Қарақалпақстанға мийнети сиңген аўыл хожалығы хызметкери Пердебай Наўрызбаев ҳәм «Қызылөзек» елатында фермерлик ҳәрекетин баслаўшылардың бири, белгили фермер Бахтияр Юсупов пенен оқыўшылардың ушырасыў кешеси болып өтти.



Онда нураный аталар өзлериниң басып өткен машақатлы өмир ҳәм мийнет жоллары ҳаққында шығып сөйлеп, жумыста табысқа ерисиў ушын биринши гезекте жақсы тәрбия ҳәм билимге ийе болыў кереклиги, буның ушын ата-ана ҳәм устазларының ақыл-нәсиятларын тыңлаў лазымлығы туўралы кең түрде айтып өтти.

Сондай-ақ, ушырасыўда оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша кеше мийманларына сораўлар берип оған тийисли жуўаплар алды.

-Бизлер Пердебай ата ҳәм Бахтияр аталардың баҳалы мәсләҳәтлерин тыңлап, өзлеримизге руўхый күш-жигер алдық,-дейди мектеп оқыўшысы Азиза Узақова.-Усындай ушырасыўлар жийи-жийи өткерилип турса мақсетке муўапық болар еди.

Кеше соңында нураный аталарға оқыўшылар тәрепинен таярланған саз-сәўбетли бағдарлама қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги