2022-жыл 14-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Владимир Норов Самарқанд қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Саммитинде қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген БМШ Бас хаткериниң сиясий мәселелер ҳәм тынышлықты беккемлеў бойынша орынбасары Розмари ДиКарло менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында кейинги жыллары сапа жағынан жаңа басқышына көтерилген Өзбекстан менен БМШ ҳәм оның институтлары арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Р.ДиКарло Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған өзгерислер, соның ишинде, Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланатуғынын билдирди.

Регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

Орайлық Азияда жаңа дослық, исеним ҳәм өз-ара түсиниў орталығын қәлиплестириўге хызмет еткен Өзбекстан Республикасының ҳәзирги регионаллық сиясатына жоқары баҳа берилди.

Өзбекстан тәрепиниң Аўғанстанда тынышлық ҳәм парахатшылық орнатыў, оның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдемлесиў, усы мәмлекетке гуманитарлық жәрдем көрсетиў бағдарындағы системалы ҳәрекетлер әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

БМШ Бас хаткериниң орынбасары быйыл март айында БМШның Орайлық Азияда терроризмге қарсы глобал стратегиясын әмелге асырыўға бағышланған халықаралық конференция табыслы өткерилгени менен Өзбекстан тәрепин қутлықлады.

Ушырасыў соңында Р.ДиКарло Самарқандтағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси табыслы өтетуғынына исеним билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги