Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанды, соның ишинде Жаңа Қарақалпақстанды қурыў жолында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бүгин елимизде әмелге асырылып атырған үлкен өзгерислер, кең көлемли реформалар нәтийжесин Нөкис қаласының ең шетки аймақларында жасап атырған халқымыз да терең сезинбекте. Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири уллы, оның қәдир-қымбаты жоқары екенлиги өз көринисин таппақта. Буны биз қарақалпақстанлылардың жоқары кейпияты, бүгинги абадан турмыстан разылығы мысалында көриўимиз мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң басламасы менен усы жылдың 7-17-сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасына киргизилген 28 мәҳәлледе елимиз сүйген көркем өнер шеберлери, жас талант ийелери қатнасыўында «Жаңа Өзбексатанда ел әзиз, инсан әзиз» атамасында концерт бағдарламалары, түрли мәдений илажлар шөлкемлестирилмекте. Халықтың кеўил-кейпиятын көтериў, жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге үлес қосыў менен бирге халқымыздың мәдений ҳәм руўхый дем алысын тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған илажларға аймақ турғынлары да белсене қатнаспақта.

‒Аймағымызда елимизге белгили көркем өнер шеберлери тәрепинен концерт бағдарласы шөлкемлестирилмекте. Буннан халқымыздың қуўанышы шексиз. Балаларымыздың қуўанышы өз алдына. Бизиң аймағымызда да   абаданластырыў жумыслары алып барылып, көшелеримиз асфальтланып, жақтыландырылды. Бундай итибардан жүдә миннетдармыз,‒дейди Алтын жағыс МПЖ  турғыны Дәўлетбай Мәтирзаев.

Шынында да, бүгин республикамыздың қайсы бир мәҳәллесине кирип бармаң, бул жердеги адамлардың жүзлеринде қуўаныш ҳәм миннетдаршылық сезимлери көзге тасланады. Өйткени, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың да тийкарғы мазмун-мәниси адамларды разы етиў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў болып табылады.

‒Аймағымыз үлгили мәҳәллерден саналады. Президентимиздиң жасларымызға болған айрықша итибары нәтийжесинде аймағымыз турғыны Гүлжамал Сапарбаева жеңилликли түрде оқыўға қабылланған болса, мектеп питкериўшиси Алламберген Атабаев жоқары балл менен Қарақалпақстан медицина институтына оқыўға кирди, ‒дейди Наўқанбағ МПЖ баслығы Замира Айтбаева. ‒Аймағымызда үлкен абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Усындай қуўанышлы күнлерде елимиз сүйген көркем өнер шеберлериниң мәҳәллемизге келип үлкен концерт бағдарламасын халқымызға инәм етпекте. Буннан нураныйларымыз бенен жасларымыз, кишкене балаларымыздың да қуўанышы шексиз. Аймағымыз турғынлары бундай итибардан  жүдә миннетдар.

Тыныш-татыў елге тойлар, байрамлар жарасады. Халқымыздың қуўанышына қуўаныш қосыўды мақсет еткен мәденият тараўы хызметкерлери мудамы халық арасында. Олардың кимиси жанға жағымлы қосықларын айтса, биреўи аламойнақты қолға алып қулақтың қуршын қандыртады. Ал, базылары ҳазил-дәлкеклери менен адамларға күлки инәм етеди.

‒Халқымыздың жақсы күнлеринде бирге болып, олар менен қуўанышын бөлисиў бизлер ушын үлкен бахыт,‒дейди Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист, Қарақалпақстан халық артисти Өмирбай Қосымбетов. ‒ Усы жылдың өзинде Президентимиз Қарақалпақстанға тоғыз рет сапар еткен болса, ҳәрбир сапары қарақалпақстанлылардың турмысына үлкен жаңалықларды алып кирди. Бул Журтбасшымыздың қарақалпақ халқына болған үлкен меҳир-муҳаббатынан, итибар ҳәм ғамқорлығынан дәрек. Халық арасында жүрип, бүгинги өзгерис ҳәм жаңаланыўлардың барлығы халқымыздың абадан турмысы ушын екенлигиниң гүўасы болмақтамыз.

Әлбетте, инсан қәдири улығланған журтта әмелге асырылып атырған  барлық реформалар халық мәпи ушын хызмет етеди ҳәм халықтың бахытлы, абадан турмысында өз көринисин табады. Абат мәнзиллерде болса байрам нәпеси гезип, тынышлық ҳәм татыўлық, муҳаббат ҳәм дослық қосықлары жаңламақта…

Гүлмира  ПАЛЎАНОВА,

Өзбекстан Журналистлер аўқамының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги