Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки жылларда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы инсан қәдирияты, миллий ҳәм халықаралық нызамшылығымызды өзинде жәмлеген ең тийкарғы ҳуқықый ҳүжжетимиз болып табылады.

Тез пәтлер менен алға қарай раўажланып баратырған заманда жәмийетшилик  Конституциямызға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди талап етпекте. Усы мақсетте өткен жылы Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды ушырасыўларында сайлаўшылар тәрепинен Тийкарғы нызамымызды бүгинги күнниң талапларына жуўап беретуғын етип жаңалаў мәселеси көтерилген еди.

Пуқаралардың бул бойынша билдирген пикир-усынысларынан келип шығып, Олий Мажлис палаталары тәрепинен Конституциялық комиссия дүзилип, өз жумысын баслады ҳәм усы комиссияның усынысы тийкарында Парламент тәрепинен таярланған Нызам жойбары улыўмахалықлық додалаўға қойылды.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, Парламенттиң өзи де Конституцияға өзгерис киргизиў ўәкиллигине ийе. Бирақ, конституциялық реформалар пуқаралардың пикири ҳәм қоллап-қуўатлаўы тийкарында референдум арқалы әмелге асырыўды нәзерде тутқаны халқымыздың қәлеўи ҳәм еркиниң жемиси десек болады.

Ҳәзирги күнлери пүткил елимиз бойлап аймақларда Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша өткерилиўи күтилип атырған улыўмахалықлық референдум алдынан орынлардағы референдум өткериўши участка комиссиялары ағзалығына талабанлар ушын оқыў-семинарлар өткерилмекте.

Усындай оқыў-семинар Әмиўдәрья районында болып өтти.

Семинарда Жоқары оқыў орынлары оқытыўшылары Тажихал Қудайбергенова, Саламат Ғаниев, Ерполат Ғаниев ҳәм мәкеме-шөлкем басшыларынан Улығбек Абдураманов, Азимжан Бекбергенов, Баҳадыр Жуманиязовлар тренерлик етти.

Семинар 3 топарға бөлинип өтилди. Атап айтқанда, ҳәр бир топарда 21 қатнасыўшыға «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының әҳмийети туўралы кең түрде түсиник берилди.

Соның ишинде, Конституцияның 7-статьясына тийкарланып референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериўши комиссиялар әмелге асырады. Олар пуқараларды өз жумысларынан, атап айтқанда,  округлер, даўыс бериў участкалары дүзилгенлиги, комиссиялардың қурамы, олардың жайласқан мәнзили ҳәм жумыс ўақтынан хабардар етеди. Даўыс бериўши пуқаралардың дизимлери менен таныстырады, даўыс бериўдиң нәтийжелерин жәриялайды.

Сондай-ақ, Референдум өткериўши участкалық комиссия референдум күнин белгилеў ҳаққындағы қарар жәрияланғаннан кейин округлик  комиссия тәрепинен жигирма бес күннен кешикпей бес адамнан он тоғыз адамға шекемги ағзадан ибарат қурамда дүзиледи.

Референдум өткериўши участкалық комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары ҳәм хаткери комиссияның мәжилисинде оның ағзалары арасынан сайланады.

Семинар даўамында Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилмекши болған басқа да өзгерислер ҳәм қосымшалар туўралы мағлыўматлар берилип, илаж қатнасыўшыларының сораўларына жуўап берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги