Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 17-февраль күнги «Майыплығы болған шахсларды ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-74-санлы Пәрманы бойынша 2022-жыл октябрь айынан баслап 18 жасқа шекем майыплығы болған балалар ҳәм адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирус келтирип шығаратуғын кеселликке шалынған 18 жасқа шекемги балаларға төленетуғын напақаларды ҳәм тәрбиялаў напақасын пуқаралардан ҳеш қандай мүрәжат талап етилмей «проактив» түрде тайынлаў системасы енгизилмекте.

Пуқараның мүрәжатысыз мәмлекетлик хызметлерди «проактив» түрде көрсетиў әмелияты Республикамызда биринши рет Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен енгизилетуғынын атап өтиў керек.

Яғный, пуқара напақа тайынлаў ушын бирде-бир мәмлекетлик уйымға мүрәжат етпейди. Онда, напақа тайынлаў ушын барлық мағлыўматлар Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың мәлимлеме системаларынан электрон түрде алынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги