Қарақалпақстанлы пуқаралар Н.М. ҳәм Ф.Н. усы жылы апрель айында Қазақстанға жумыс ислеў ушын барады. Олардың паспортлары жумыс бериўши тәрепинен алып қойылып, мийнет ҳақы есап-санақ етилмейди, – деп жазады xs.uz сайты.

Бул мүрәжат Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Шымкент қаласындағы ўәкили тәрепинен үйренилгенде, пуқаралар нызамсыз жумыс ислеў менен шуғылланғаны, жумыс бериўши менен мийнет шәртнамасын дүзбегени себепли машқала жүзеге келгени анықланды.

Пуқаралардың ҳуқықларын тиклеў мақсетинде Түркистан ўәлаятының полиция департаменти миграция хызметине хабар берилди ҳәм ўатанласларымыздың паспорты, мийнет ҳақысы алып берилип, Ўатанға қайтыўда жәрдемлести.

Қарақалпақстан хабар агентлиги