Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасинофестивалыы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қайтадан тикленген «Жипек жолы дүрданасы» XIV Ташкент халықаралық кинофетивалының ашылыўына бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.

Фестивальдың ҳәр қыйлы илажлары әдеўир бурын басланған болса да, бул әнжуман елимиз кинематографиясының өтмиши, ҳәзирги күнине терең нәзер салыў, халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша қандай жумысларға қол урылып атырғаны ҳаққында кеңирек хабардар болыўы менен әҳмийетли болды.

Дәстүрге бола салатанатлы илаж халықаралық фестиваль қатнасыўшыларының қызыл коридорлардан өтиўи, жәҳән ҳәм елимиз кино жулдызлары қатнасыўындағы фотосессиялар сыяқлы қызықлы процесслер менен басланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Жипек жолы кесилиспесинде» XIV Ташкент халықаралық кинофестивалының қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи Одил Абдураҳмонов оқып еситтирды.

Ҳәзирги кескин глобалласыў дәўиринде инсан санасы ҳәм қәлбине ийгиликли идеяларды сиңдириўде, халықлар арасындағы дослық, өз-ара тилеклесликти, социаллық турақлылықты күн сайын беккемлеўде көркем өнердиң, әсиресе, кинематографияның орны ҳәм әҳмийети шексиз. Сол мәниде Ташкент халықаралық кинофестивалы «Тынышлық, раўажланыў ҳәм ағартыўшылық ушын!» деген ийгиликли сүренди өзинде жәмлегени бийкарға емес. Бул фестиваль да ҳәр қыйлы халықлар ҳәм мәмлекетлер арасындағы тынышлық, раўажланыў, дослық ҳәм бирге ислесиў ушын беккем көпир болып хызмет ете береди, деп үмит етемиз.

Айтыў орынлы, усы жылы «Жипек жолы дүрданасы» XIV Ташкент кинофестивалына қызғын таярлық көрилди. Пайтахтымыздағы Киношылар үйи тийкарында кинокластер шөлкемлестирилип, бул кластер 1500 ден аслам жас кинодөретиўшилер, усы тараўда оқып атырған жигит-қызларды бирлестирди. Бул жерде ҳәр қыйлы презентациялар, шеберлик сабақлары, әмелий сабақлар ушын зәрүр барлық шараятлар жаратылды.

Быйылғы Ташкент халықаралық кинофестивалында дүньяның 30 дан артық мәмлекетинен дөретиўшилер қатнаспақта. «Жипек жолы дүрданасы» дөретиўшилик жойбарының 100 ден аслам қызықлы ҳәм рәңберең илажлары Ташкент қаласында емес, ал мәмлекетимиздиң барлық аймақларында да өткерилмекте.

Фестиваль даўамында елимиз ҳәм жәҳән кино көркем өнери шеберлериниң 150 ден аслам фильмлери қойылмақта. Фестиваль шеңберинде Өзбекстан ҳәм жәҳән киношылары арасында өз-ара пайдалы келисимлер, меморандумларға қол қойылмақта. Дүньяның көплеген мәмлекетлериниң кино күнлери болып өтпекте. Жаңа фильмлердиң премьералары, киножулдызлар менен ушырасыўлар ықласбентлерге жүдә унамақта.

-Бүгин тез пәт пенен өзгерип баратырған дүньяда кино дөретиўшилериниң жуўапкершилиги ҳәр қашанғыдан да күшли,-деди Ҳиндстанның Кинематографияны раўажландырыў миллий корпорациясы басқарма басшысы Равиндер Бхакар. – Усы мәниде «Жипек жолы дүрданасы» XIV Ташкент халықаралық кинофестивалы кинодөретиўшилердиң өзлериниң жуўапкершиликли ўазыйпаларын терең түсиниўге жақыннан жәрдем бермекте.

-Ташкент халықаралық кинофестивалы меҳир, ҳүрмет, дөретиўшилик қарым-қатнас, дослық белгиси болып есапланған,-деди Беларусь кинематография аўқамының баслығы Виктор Васильев. – Көпшилик кинодөретиўшилер бәрқулла усы фестивальда қатнасыўды әрман еткен. Оның қайтадан тикленип, екинши мәрте байрамлардай өткерилип, өз жумысын табыслы алып барып атырғаны мәмлекетиңизде кинематографияға үлкен итибар қаратылып атырғанын билдиреди.

Салтанатлы кешеде жәҳән кинематографиясына үлкен үлес қосқан бир топар кино шеберлери арнаўлы сыйлық – статуэткалар менен сыйлықланды.

Илажға миллий ҳәм жәҳән киносынан жарқын көринислер қойып берилди. Елимиз ҳәм ҳәр қыйлы сырт еллердиң көркем өнер шеберлери қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы