Кеше футбол бойынша Азия Чемпионлар Лигасыныӊ топар басқышында 1-тур ойынлары болып өтти.

Өзбекстанныӊ абырайын қорғап атырған Ташкенттиӊ «Пахтакор» клубы Иранныӊ «Сепахон»ы менен өз майданында гүрес алып барды.

Ушырасыўдыӊ дәслепки бөлиминде жақсы ҳәрекет еткен «Пахтакор» футболшылары 28-минутында Драган Черанныӊ «Сепахан» дәрўазасына жоллаған голы есабынан алдынға шығып алды.

Бирақ, екинши бөлимге келип иранлы футболшылар анық ҳәрекет ете баслады ҳәм 49-55-минутларда Шаҳриёр Мўғанлу дублге ерискен болса, 70-минутта Саид Ҳуссайни ойындағы соӊғы голды урып өз командасына 3 упай алып берди. Есап 1-3 «Сепахан» пайдасына.

C топарынан  орын алған Түркменстанныӊ «Ахал» ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ «Шабоб ал-Аҳли» клублары арасындағы ойында болса, есап 1-1 есабында жуўмақланды.

Бул ойында «Шабоб» қурамында ойнап атырған өзбекстанлы Азиз Ғаниев пенальтиден гол урыўға еристи.

Және бир ойында Ираннныӊ «Фулад» клубы Қатардыӊ «Ал-Ғарафа»сы менен теӊбе-теӊ ойнады. Есап 0-0.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы