Санлы билимлендириў экосистемасында бир жыл ишинде нелерге ерисилди?

21

Соңғы жыллары Өзбекстанда санлы трансформация процесслери билимлендириў тараўында да избе-из ҳәм системалы әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, мектептен кәсипке шекемги үзликсиз IТ билимлендириў экосистемасын қәлиплестириў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. 2025-жыл даўамында Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар тек ғана билимлендириўдиң сапасы емес, ал жаслардың бәнтлиги ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў көзқарасынан да әҳмийетли нәтийжелерди көрсетти.

Санлы билимлендириўди кеңейтиўде аймақлараралық теңликти тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып қалмақта. Усы мақсетте шөлкемлестирилген “IТ-қалашалар” арқалы алыс ҳәм шетки аймақларда жасап атырған 1200 ден аслам жаслар шет тиллерин ҳәм информациялық технологияларды бийпул үйрениў имканиятына ийе болды. Бул баслама санлы билимлерге ийе болыў тек ғана ири қалаларға тән деген көзқарасты сапластырыўға хызмет етпекте.

Сондай-ақ, “Муҳаммед ал-Хорезмий мийрасхорлары” жойбары Қарақалпақстан Республикасының 7 районы ҳәм Хорезм ўәлаятының барлық аймақларында әмелге асырылып, дерлик 5 мың оқыўшыны қамтып алды. Бул жойбар қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм оларды IТ тараўына бағдарлаўда әҳмийетли платформаға айланды.

Санлы экономика ушын маман кадрлар таярлаўда жеке меншик секторлар менен бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. 2025-жылы экспортёр компаниялар ушын кадрлар таярлаған 10 ға шамалас оқыў орайларына 2 миллиард сумнан аслам субсидия ажыратылды.

Буннан тысқары, “IТ-талант” жойбары шеңберинде 2 400 жасқа халықаралық IТ сертификатлары ҳәм оқыў қәрежетлерин қаплаў ушын дерлик 11 миллиард сум қаржы ажыратылды.

2025-жылы жоқары билимлендириў мәкемелеринде де әҳмийетли жаңалықлар атап өтилди. Ташкент қаласындағы Инҳа университети Уллы Британияның академиялық бағдарламаларын енгизди ҳәм жасалма интеллект ҳәм мағлыўматлар анализи бағдарында басшылар ушын MBА бағдарламасын иске қосты. Бул баслама IТ тараўында тек атқарыўшылар емес, ал стратегиялық пикирлей алатуғын басқарыў кадрларын таярлаўға қаратылған.

Соның менен бирге, Ташкент информациялық технологиялар университети “Мәлимлеме қәўипсизлиги” бойынша абырайлы QС халықаралық рейтингинде 1401-орынды ийеледи.

Санлы билимлендириў экосистемасының ең әҳмийетли көрсеткишлеринен бири питкериўшилердиң бәнтлиги болып есапланады. 2025-жылы информациялық технологиялар бағдарында билим алған 16 мың 300 жастың бәнтлиги тәмийинленди. Бул сан билимлендириў ҳәм мийнет базары арасындағы үзликсиз байланыс күшейип баратырғанынан дерек береди.

2025-жылдың жуўмақлары соны көрсетти, Өзбекстанда санлы билимлендириў экосистемасы системалы раўажланыў басқышына шықты. Бийпул билимлендириў имканиятлары, аймақларды қамтып алыў, мәмлекетлик субсидиялар, халықаралық бағдарламалар ҳәм бәнтлик көрсеткишлери бир пүтин механизм сыпатында ислемекте. Бул болса келешекте Өзбекстанды регионда санлы кадрлар таярлаў орайына айландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етиўи күтилмекте.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА