Күшли тәсир етиўши өнимлердиң нызамсыз айланысы анықланды

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте күшли тәсир етиўши затлардың нызамсыз айланысына шек қойылды.
Оператив илажлар даўамында пуқара 60 дана аздырыўшы кофе өнимлерин сатыў процесинде тоқтатылып, оның жанынан қурамында күшли тәсир етиўши элементлери бар жәми 480 дана өнимлердиң бар екенлиги анықланды.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы Орайлық дийқан базарында өткерилген илажда саўда дүканынан ҳүжжетсиз, сырт елде ислеп шығарылған 1417 дана ҳәр қыйлы биологиялық актив қосымшалар ҳәм аздырыўшы кофе өнимлери табылды.



Жәми баҳасы 24 миллион сумға тең болған 1957 дана өним айғақлы дәлил ретинде алып қойылды.
Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги