Аграр реформалар – Жаңа Өзбекстанның стратегиялық таянышы

8

14-декабрь – Аўыл хожалығы хызметкерлери күни.

Аўыл хожалығы хызметкерлери күни алдынан Өзбекстанның аграр бетлерин ашып көрип, биз тек ғана экономикалық өзгерислер ҳаққында емес, ал мәмлекеттиң стратегиялық көзқараслары ҳәм социаллық әдиллик принциплериниң жердеги әмелий көринисининиӊ гүўасы боламыз. Соңғы жыллардағы реформалардың жеделлиги бул тек ғана зүрәәтлиликти арттырыў емес, ал аграр қатнасықлардың пүткил системасын қайта қурыў, жердиң ҳақыйқый ийесин табыў ҳәм дийқан мәпин мәмлекетлик сиясаттың орайына қойыў дегени.

Президент Шавкат Мирзиёев Көксарай резиденциясындағы ушырасыўда бул мақсетлерди анық белгилеп берди: “Тийкарғы мақсет – жердиң ҳақыйқый ийесин табыў, дийқан мәпин тәмийинлеў, аўыл хожалығын жоқары дәраматлы тараўға айландырыўдан ибарат”. Бул енди аўыл хожалығы экономиканың әпиўайы бир тармағы емес, ал халықтың абаданлығы ҳәм регионаллық турақлылықтың гилти екенин аңлатады. Өзгерислердиң фундаменталлық тийкары – бул жерге болған қатнасты өзгертиў болды. Бурынғы мәмлекетлик режелерден пүткиллей ўаз кешип, баслама ҳәм экономикалық нәтийжелиликке тийкарланған базар механизмлери енгизилди.

Бул реформалардың ең әҳмийетли сиясий-экономикалық таянышы – аўыл хожалығы кластерлери системасы. Бул система мәмлекетти шийки зат жеткерип бериўши статусынан азат етип, оны жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығаратуғын санаат мәмлекетине айландырыў жолындағы үлкен қәдем болды. Мәселен, пахта-тоқымашылық кластерлери себепли Өзбекстан пахта талшығын экспорт етиўден оны елимиздиң ишинде қайта ислеп, кийим-кеншек ҳәм таяр тоқымашылық өнимлерин дүнья базарларына – 83 сырт мәмлекетке шығармақта. Ерисилген нәтийжелердиң санлары бул реформалардың қаншелли нәтийжели болғанын айқын көрсетеди. Быйыл 3,5 миллионнан аслам аўыл хожалығы хызметкери пидәкерлик мийнети менен рекорд нәтийжелерге еристи: пахташылықта биринши мәрте орташа өнимдарлық 46 центнерге жетип, 4 миллион тоннаға шамалас қырман жаратылды. Ғәллекешлеримиз ҳәр гектардан 85 центнер зүрәәт алып, 8 миллион 400 мың тонна қырман көтерди. Азық-аўқат экспорты 37 процентке өсип, жыл жуўмағы менен биринши мәрте 3,2 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Бундай раўажланыў, Президентимиздиң атап өткениндей, дийқан ҳәм фермерлеримиз, кластерлер, улыўма, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы ҳәр бир инсанның мийнети, мәртлиги, пидайылығының шексиз нәтийжеси болып есапланады.

Бирақ бул раўажланыў жолында сиясий ерк-ықрарды талап ететуғын әҳмийетли машқалалар да бар. Ең тийкарғы стратегиялық қәўип – суў ресурсларының жетиспеўшилиги. Мәмлекет басшысының қатаң талабы сол: “Суў – тиришилик дереги. Биз ҳәр бир тамшы суўды қәдирлеўимиз, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўимиз шәрт. Болмаса, ертеңги күнимиз қыйын болады”. Сол себепли, келеси жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды (тийкарынан, тамшылатып суўғарыў системасын) енгизиўге 2 триллион 600 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылатуғыны белгиленди. Буннан тысқары, егислик майданлардан өткен 70 мың километр узынлықтағы ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша айрықша бағдарлама қабыл етилип, бул мақсетлер ушын 100 миллион доллар ажыратылыўы жер ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин кескин арттырыўға қаратылған стратегиялық илаж болып есапланады.

Келеси дәўир ушын белгиленген ўазыйпалар системаны және де беккемлеўге қаратылған узақ мүддетли сиясий бағдарлама болып есапланады. Бәринен бурын, илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясына айрықша итибар берилген. Президенттиң: “Илим ҳәм излениў болмаған тараўда өсиў де, раўажланыў да болмайды”, деген сөзлеринен келип шығып, Аўыл хожалығы илимлери академиясы шөлкемлестирилмекте. Бул академия фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыўға жуўапкер болады. Кадрлар потенциалын арттырыў ушын:

Аграр университеттиң 180 студенти дуал билимлендириў тийкарында алдынғы кластерлерде әмелият өтейди; Фермерлердиң жумысына жаңалықлар киргизген жас агрономларға 2 мың доллардан айлық төленеди; Мырзашөлде инновациялық аўыл хожалығы мектеби шөлкемлестирилип, мың фермер шөл шараятында пахта жетистириў бойынша оқытылады.

Фермерлерди қоллап-қуўатлаў болса сиясий исеним ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўдың тийкары болып есапланады. 2026-жыл даўамында дийқан ҳәм фермерлерди қоллап-қуўатлаўға 35 триллион сум қаратылыўы режелестирилген. Пахта ҳәм ғәлле бағдарындағы фермерлердиң рейтинги жүргизилип, олардың рейтингине қарап, жеңиллетилген кредит ставкалары пахта ушын 8 процент, ғәлле ушын 10 процент етип белгиленбекте.

Субсидия ажыратыў процесин кескин әпиўайыластыратуғын Аграр тараўда төлемлер агентлиги шөлкемлестирилип, келеси жылы бул арқалы 2 триллион 200 миллиард сумлық субсидия бериледи, онда субсидия алыў ўақты 1 айдан 15 күнге қысқарады.

Буннан тысқары, шарўашылықты раўажландырыў ушын 100 мың бас қарамал ҳәм 200 мың бас қой-ешки алып келиў, импорт етилген нәсилли қарамал ушын субсидияларды және 5 жылға созыў режелестирилген. Балықшылықта болса нәсилшилик орайлары шөлкемлестирилип, нәсилли ана балық алып келиў қәрежетиниң ярымы қаплап бериледи. Жаңа бағ ҳәм жүзим атызларын шөлкемлестириў, ескилерин жаңалаў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етиледи, интенсив бағ шөлкемлестириў ушын 7 жылға 14 процентлик кредит бериледи. Бул илажлардың барлығы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм базардағы баҳаның турақлылығын тәмийинлеў мақсетине хызмет етеди.

Нәтийжеде, зүрәәтти ықтыярый қамсызландырыў пахта, ғәлле ҳәм ыссыхана өнимлеринен басланыўы, бунда қамсызландырыў ушын төлемниң 50 проценти бюджеттен қаплап берилиўи тараўдағы қәўипсизлик ҳәм турақлылықты арттырады.

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан аўыл хожалығындағы өзгерислер тек ғана экономикалық реформа емес, ал мәмлекеттиң жаңа сиясий ҳәм социаллық тәғдирин белгилеп беретуғын тийкарғы тырнақ болып есапланады. Бүгинги күндеги аграр жетискенликлердиң артында, бәринен бурын, қадаған етилген режелер зулымынан қутылыў ҳәм жерге ҳақыйқый ийелик сезимин тиклеўдей сиясий мәртлик жатыр. Дийқан ҳәм фермердиң мәпи мәмлекеттиң тийкарғы мақсетине айланбаса, берекет те, раўажланыў да болмайтуғыны тарийхтан алынған ең үлкен сабақ болып есапланады.

Фермерлер ҳәм кластерлердиң пидәкерлик мийнети, мәмлекеттиң системалы қатнасы ҳәм Президенттиң: “Бизиң тийкарғы байлығымыз – жер, суў ҳәм мийнеткеш халқымыз. Усы имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, халқымыздың дастурханын мол, турмысын абадан етиў – ең әҳмийетли ўазыйпамыз”, деген уллы мақсетке садықлық бүгинги ҳәм ертеңги күнимиздиң кепили болып есапланады. Енди мақсет тек ғана өзимизди тойдырыў емес, ал жәҳән базарында бизиң өнимимиз бенен есапласыўларын тәмийинлеў болып табылады.

Аўыл хожалығы хызметкерлериниң машақатлы мийнетин алғыслаған ҳалда, Жаңа Өзбекстан агрокомплекси ашық базар қатнасықлары, илим жетискенликлери ҳәм жаңаша басқарыў системаларына тийкарланып, мәмлекетти глобаллық азық-аўқат шынжырында беккем орынға алып шығыўға уқыплы екенине беккем исенемиз. Жер, суў ҳәм илимниң үйлесимлилигине тийкарланған бул система Жаңа Өзбекстанның стратегиялық табысының айқын көриниси ҳәм келешектеги қәўипсиз турмыстың гиреўи болып есапланады.

Аловаддин Ғаффоров, ӨзА