“Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында” мақаласы кең түрде додаланды

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында” мақаласының әҳмийетин терең таллаўға бағышланған ушырасыў болып өтти.
Илаж шеңберинде профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм тараўдың ҳәр қыйлы бағдарларында жумыс алып барып атырған қәнигелер мақалада алға қойылған идея ҳәм принциплердиң бүгинги регион турмысы ушын қандай үлкен әҳмийетке ийе екенин додалады.
Мәжилисти филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Гүлмурат Хожаметов ашты. Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Президентимиздиң мақаласында белгилеп берилген регион еллери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, экономикалық ҳәм гуманитарлық бағдарлардағы интеграция процесслерин буннан былай да раўажландырыў, тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў сыяқлы тийкарғы ўазыйпаларды атап өтти.
Илаж қатнасыўшылары тийкарғы итибарды мақаладағы “жаңа дәўир босағасы” сөзиниң мазмунына қаратты. Атап айтқанда, Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Ж.Аяпов регионда болып атырған геосиясий процесслер, транспорт-коммуникация жолларының кеңейиўи ҳәм экономикалық байланыслардың жаңа басқышқа көтерилиўи мәмлекетлердиң раўажланыўы ушын үлкен имканиятлар жаратып атырғанын атап өтти.
Сондай-ақ, илажда филиалдың кәсиплик аўқамы баслығы С.Сапарниязов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде мақаланың социаллық-гуманитарлық тәреплерине итибар қаратып, әсиресе, жаслар тәрбиясы, оларда Ўатансүйиўшилик ҳәм миллетлераралық татыўлық идеяларын беккемлеў мәселелери турақлы әҳмийетке ийе екенин атап өткен болса, тарийх пәни муғаллимлери Р.Аминов ҳәм М.Утебаевлар болса, мақаланы регионның сиясий раўажланыўы ҳәм тарийхый аўызбиршилигин үйрениў көзқарасынан таллап, мәмлекетлер арасындағы өз-ара исеним ҳәм аўызбиршилик кейинги жылларда сезилерли дәрежеде артқанын илимий мысаллар менен атап өтти.
Додалаўлар даўамында қатнасыўшылар мақалада көтерилген идеялар тек ғана қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықлар емес, ал мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған модернизация процесслерине де тиккелей байланыслы екенине тоқталды. Атап айтқанда, билимлендириў, спорт, мәденият ҳәм социаллық турмыстың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислер Орайлық Азияны турақлы ҳәм ашық бирге ислесиў мәканы сыпатында қәлиплестириўге хызмет етпекте.


Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Бундай додалаўлар жаслардың көзқарасын кеңейтип, оларда миллий раўажланыў ҳәм регионаллық бирге ислесиў процесслерине жуўапкершилик ҳәм белсенди пуқаралық позициясын қәлиплестириўге хызмет ететуғынын көрсетип берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы