Сырт елли делегациялардың басшылары менен ушырасыўлар

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-декабрь күни жаңа энергетика қуўатлықларын иске қосыў ҳәм гезектегилерди қурыўға бағышланған салтанатлы мәресим шеңберинде Бирлескен Араб Әмирликлериниң энергетика ҳәм инфраструктуралар министри Суҳайл ал-Мазруий, Түркия Республикасының энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслон Байроқдор басшылығындағы делегация, Әзербайжан Республикасы энергетика министри Парвиз Шаҳбозов, Қырғыз Республикасының энергетика министри Таалайбек Ибрайев, Қытай Халықаралық коммуникация орайының баслығы Лун Юйсян, Қытайдың жетекши компанияларының басшылары ҳәм Өзбекстан – Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, “ACWA Power” компаниясының басшысы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы Саудия Арабстаны компанияларының делегациясын қабыл етти.
Бирлескен Араб Әмирликлериниң энергетика ҳәм инфраструктуралар министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегация менен ушырасыўда БАӘниң “Masdar” компаниясының басшысы Муҳаммад Жамил ал-Рамаҳий, “Etihad Water & Electricity” компаниясының басшысы Юсуф ал-Али ҳәм “TAQA Water Solutions” компаниясының басшысы Аҳмад ал-Шамсий де қатнасты.

Ушырасыў алдынан министр мәмлекетимиз жетекшисине БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум, вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян ҳәм Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры Шайх Холид Ол Наҳаянның сәлемин жеткерди.
Өзбекстан – БАӘ дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Бирге ислесиў барлық бағдарларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми, биргеликтеги кәрханалар ҳәм авиақатнаўлардың саны турақлы артып бармақта. Жойбарлар портфели 20 миллиард долларға жеткен.
Транспорт-логистика, азық-аўқат, кән-металлургия, энергетика ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарларды таярлаў ҳәм алға қойыў илажлары көрип шығылды.

Кейинги жыллары энергетика тараўында тек ғана “Masdar” компаниясы менен Өзбекстан аймақларында 1,5 миллиард долларлық 6 жойбар әмелге асырылды.
Бүгин Бухара ўәлаятында гезектеги қуяш электр станциясы ҳәм энергияны сақлаў системасы иске қосылды, Қашқадәрья ўәлаятында 600 миллион доллардан аслам баҳадағы усындай объектлердиң қурылысы басланды.
БАӘ компанияларының басшылары Президентимизге самал электр станциясы ҳәм энергия сақлаў қуўатлықлары, гидроэлектр станцияларын қурыў режелери және тазалаў имаратларының қурылысының барысы ҳаққында мағлыўмат берди.
Түркия Республикасының энергетика ҳәм тәбийғый ресурслар министри Алпарслон Байроқдор басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Түркияның жетекши “Aksa Enerji” компаниясының басшысы Жамил Казанчи ҳәм “Cengiz Enerji” компаниясының басшысы Аҳмет Чингиз де қатнасты.

Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлемин ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
Еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм инвестиция көрсеткишлери, биргеликтеги кәрханалардың саны, тиккелей авиақатнаўлар көбеймекте.

Түркия компанияларының мәмлекетимиздеги нәтийжели жумысы, олар менен биргеликте улыўма қуўатлылығы 1,8 гигаватт болған 1 миллиард долларлық заманагөй электр станцияларын қурыў жойбарлары табыслы әмелге асырылғаны айрықша атап өтилди.

Энергетика ҳәм геология тараўларында, соның ишинде, заманагөй технологияларды локализациялаў, энергетика үскенелерин ислеп шығарыў, бөлистириў тармақларын басқарыўды жетилистириў, перспективалы кәнлерди биргеликте өзлестириў ҳәм тараў ушын кадрлар таярлаў бойынша жаңа кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Әзербайжан Республикасының энергетика министри Парвиз Шахбозов пенен ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алийевтиң қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклигин ҳәм аўқамласлығын және де кеңейтиў ҳәм тереңлестириў мәселелери додаланды.

Барлық дәрежелердеги байланыслар жедел екени, товар алмасыў турақлы өсип атырғаны ҳәм энергетика тараўында табыслы бирге ислесип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Нефть ҳәм газ тараўы, геология-излеў жумыслары, “жасыл” энергетиканы раўажландырыў ҳәм химия санаатында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қырғыз Республикасының энергетика министри Таалайбек Ибраев пенен ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың қызғын сәлемин жеткерди.

Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын, соның ишинде, энергетика тараўында және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме қатнасықлар жоқары пәтте раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылдың басынан товар алмасыў 17 процентке артып, жүк тасыў көлеми артып бармақта. Экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.

Энергетика тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылған. Электр энергиясы турақлы жеткерип берилмекте ҳәм транзит етилмекте, “жасыл” энергетикада перспективалы жойбарлар ислеп шығылмақта.

Өзбекстан жетекшиси суў энергетикасы тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў, регионаллық әҳмийетке ийе биргеликтеги жойбарларды, бәринен бурын, “Қамбар ата ГЭС-1″ди қурыў жойбарын нәтийжели алға қойыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Қытай Халықаралық коммуникация орайының баслығы Лун Юйсян менен ушырасыўда Өзбекстан менен Қытай арасындағы жаңа дәўирдеги ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

Орай мәмлекетимиздиң Қытай менен көп қырлы бирге ислесиўин беккемлеўге үлкен үлес қосып атырғаны атап өтилди.
Биргеликте инфраструктураны раўажландырыў, инвестициялар ҳәм “жасыл” санаатта бир қатар жойбарлар әмелге асырылды. Геология ҳәм аўыл хожалығы тараўларында улыўма баҳасы 1 миллиард доллардан аслам жойбарлар ислеп шығылмақта.

Билимлендириў, илим, мәденият ҳәм туризм тараўларындағы жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
1984-жылы шөлкемлестирилген орай дүньяның 160 тан аслам мәмлекети менен мәдений, илимий ҳәм ағартыўшылық байланыслар орнатқан. Үш халықаралық ўәкилханасы бар.
Қытайдың жетекши компанияларының басшылары менен сөйлесиўлер даўамында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, энергетика тараўында заманагөй технологиялар ҳәм инженерлик шешимлерди енгизиўге қаратылған өз-ара пайдалы кооперация жойбарларын алға қойыў мәселелери додаланды.

Қытай компанияларының Өзбекстанда жойбарларды әмелге асырыўға қызығыўшылығы артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Тек ғана усы жылы Қытайдан 15 миллиард доллардан аслам тиккелей инвестицияларды өзлестириў режелестирилген, биргеликтеги жойбарлардың улыўма портфели болса дерлик 90 миллиард долларды қурамақта.

Көп қырлы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында энергетика тараўына айрықша итибар қаратылды. Қытайлы шериклердиң қатнасыўында улыўма қуўатлылығы дерлик 10 гигаватт, баҳасы 9 миллиард доллардан аслам 30 дан аслам жойбарлар әмелге асырылмақта. Бүгин қосымша түрде дерлик 2 миллиард долларлық 14 жойбар иске қосылды.
“China Datang” компаниясының президенти Чжоу Юанлун менен бар фотоэлектр станцияларын кеңейтиў, жаңаларын қурыў ҳәм қосымша сақлаў қуўатлықларын жаратыў режелери додаланды.
Компанияның кадрлар таярлаў, илимий-изертлеў лабораториясын ашыў, аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықта қайта тикленетуғын энергия технологияларын енгизиў бойынша басламалары қоллап-қуўатланды.
“China Energy Engineering Corporation” компаниясының басшысы Сюй Лю менен сәўбетте мәмлекетимиз аймақларында қуяш электр станцияларын ҳәм энергияны сақлаў системаларын қурыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер жоқары баҳаланды.

Альтернатив энергетика ҳәм жоқары күшлениўли тармақларды раўажландырыў жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
“Sinoma Energy” компаниясының баслығы Мен Цинлинь самал электр станциясы ҳәм самал турбиналары ушын пәтпелеклерди локализациялаў ушын завод қурылысының барысы ҳаққында мәлимлеме берди. Сондай-ақ, химия ҳәм қурылыс санаатында шығындыларды тазалаў бойынша компания усыныс етип атырған технологиялық шешимлер бойынша пикир алысылды. Бул жойбарларға байланыслы жумысларды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
“Universal Energy” компаниясының бас директоры Нан Йи менен мәмлекетимиз аймақларында самал электр станцияларының қурылысын жеделлестириў илажлары додаланды.
“China General Technology” компаниясы директорлар кеңесиниң баслығы Кан Хубяо менен жаңадан иске қосылған когенерация станциясынан нәтийжели пайдаланыў додаланды. Компанияның Өзбекстандағы инвестициялық жумысын кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.
Мәмлекетимиз басшысы “Poly Changda Engineering” компаниясының бас директоры Мяо Цзечунның келеси жылы бүгин иске қосылған қуяш электр станциясының логикалық даўамы сыпатында энергияны сақлаў системасын қурыў бойынша режелерин қоллап-қуўатлады.
Өзбекстан – Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, “ACWA Power” компаниясының басшысы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы Саудия Арабстаны компаниялары делегациясы менен ушырасыўда тәреплер әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм тийкарғы биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў мәселелерин додалады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан “жасыл” энергетика тараўының стратегиялық инвесторы есапланған “ACWA Power” компаниясы менен нәтийжели бирге ислесиў жедел раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бүгин бир неше биргеликтеги жойбарларды иске қосыў мәресими болып өтти: 752 мегаватт қуўатлылыққа ийе 4 самал электр станциясы электр тармағына жалғанды, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Бухара ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 2,3 гигаватты қурайтуғын 5 электр станциясы және 300 мегаваттлы энергияны сақлаў системасының қурылысы басланды.
Буннан тысқары, Самарқанд ўәлаятын Ташкент ўәлаяты менен ҳәм Қарақалпақстан Республикасын Бухара ўәлаяты менен байланыстыратуғын улыўма узынлығы 1790 километр болған 500 киловольт кернеўли электр узатыў тармағын қурыў басланды.

Ушырасыў даўамында энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА