АҚШ компаниясы менен бирге ислесиў перспективалары додаланды

Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов АҚШтың “Cerberus Frontier” компаниясының басқарыўшы директоры Михаил Нибладзе басшылығындағы делегация менен ушырасыў өткерди.
Дәслеп мийманларға IT Park тәрепинен Өзбекстандағы санластырыў процесслери ҳәм IT-мәканда әмелге асырылып атырған ири жойбарлар бойынша презентация көрсетилди. Презентацияда стартап экосистемасы, IT кадрлар таярлаў системасы, халықаралық компаниялар ушын жаратылған қолайлы шараятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Ушырасыў даўамында тәреплер мәмлекетимизде санластырыў процесслерин жеделлестириў, телекоммуникация базарында әмелге асырылып атырған реформалар, тараўға тиккелей инвестицияларды кеңнен тартыў мәселелерин додалады. Сондай-ақ, мийманлар Senior’s Capital Management шеңберинде “Cerberus Frontier” ҳәм “Unitel Group”тың биргеликтеги тәжирийбеси, соның ишинде, Грузия ҳәм Монголияда әмелге асырған жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берди.
Министр мәмлекетимизде халықтың саны жедел пәтлерде өсип атырғаны, IT ҳәм телеком тараўларында жаратылған имканиятлар, салық жеңилликлери, қолайлы бизнес орталығы ҳәм инфраструктураның избе-из кеңейип атырғанына тоқтап өтти. Ушырасыўда инфраструктура алмасыўы, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар, сондай-ақ, IT Park тәрепинен усыныс етилип атырған қолайлықлар бойынша да пикир алысылды.
Атап өтилиўинше, сөйлесиў келешекте биргеликтеги жойбарларды раўажландырыў, жаңа технологиялық шешимлерди енгизиў ҳәм экономиканың санлы секторында жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етеди.
Нигора Раҳмонова, ӨзА