Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады

52

Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады. Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарарына муўапық, 2025-2026-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь – шемби күнинен) басланады.

Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди.

2026-жыл 11-январь екшемби дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады.

Еслетип өтемиз, гүзги дем алыс 10-ноябрь күни жуўмақланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги