Бүгин жасалма интеллект форумында Президентимиз мәмлекетимизде санлы трансформацияны жеделлестириў, жасалма интеллектти барлық тараўларға енгизиў ҳәм жаслар ушын жаңа технологиялық имканиятлар жаратыўға қаратылған әҳмийетли басламаларды алға қойды

Ерисилген нәтийжелер:
– жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар бағдарында дерлик 2 миллиард доллар тиккелей инвестициялар тартылды, IТ хызметлери экспортының көлеми өткен жылларға салыстырғанда 4,5 есеге өсип, 1 миллиард долларға шамаласты;
– IТ тараўында билим берип атырған жоқары билимлендириў мәкемелери дерлик 3 есеге артып, 145 ке, студентлер саны болса 80 мыңға жетти, “Бир миллион программист” жойбары шеңберинде 2 миллионнан аслам жаслар билим ҳәм көнликпелерин арттырды;
– мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 20 мың информатика муғаллими Жаңа Өзбекстан университетинде АҚШтың абырайлы МИТ жоқары оқыў орны менен биргеликте шөлкемлестирилген интенсив таярлаў курсларынан өтпекте;
– санлы диагностика арқалы 50 мыңнан аслам наўқасқа анық диагноз қойылды, медициналық хызмет көрсетиў ўақты 5-7 есеге қысқарды;
– Қарақалпақстанда өткерилген маммографиялық тексериўлер көринислериниң 70 проценти елимиз қәнигелери тәрепинен жаратылған жасалма интеллект платформасы арқалы талланып, олардың 98 проценти шыпакерлер тәрепинен тастыйықланды. Диагноз қойыў ўақты бирнеше күннен 2 саатқа шекем қысқарды;
– стартаплардың саны 10 есеге өсти, оларға 300 миллион долларлық инвестициялар тартылды, Саудия Арабстаны менен баҳасы 3 миллиард доллар болған биринши жасыл мағлыўматлар орайын қурыў басланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги