Египет парламентиниң ўәкили Өзбекстандағы реформаларды айрықша атап өтти

59

Усы жылдың 1-3-ноябрь күнлери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы делегация Египет Араб Республикасының Каир қаласында болды.

Сапар шеңберинде Өзбекстан делегациясы Уллы Египет музейиниң ашылыў мәресиминде қатнасты. Онда 120 ға шамалас мәмлекетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң делегациялары қатнасты.

Мәресимде қатнасыўшылар тәрепинен Уллы Египет музейиниң ашылыўы мәмлекеттиң мәдений ҳәм тарийхый мийрасын сақлаў ҳәм дүнья жәмийетшилигине усыныўда жаңа басқышты аңлататуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, әййемги Египетте цивилизация өзиниң дәслепки ҳәриплерин жазғаны, Уллы Египет музейиниң ашылыўы халықлар арасындағы тынышлық, аўызбиршилик ҳәм өз-ара ҳүрмет идеяларын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Илаж шеңберинде мәмлекетимиз делегациясының Египет Араб Республикасы Парламенти Ўәкиллер палатасының Спикери Ханафи Али Ал-Габали менен ушырасыўы болып өтти.

Египет Спикери усы жыл 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясында қатнасқаны ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилгенин жыллы еследи.

Ҳанафий Али Ал-Габали Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли реформаларды айрықша атап өтти ҳәм олар парламентлераралық ҳәм халықаралық көлемдеги бирге ислесиў ушын қолайлы шараятлар жарататуғынын билдирди.

Ушырасыў даўамында еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды.

М.Комилова, ӨзА