Устаз – Меҳир ҳәм ҳүрмет тымсалы: ҳәкимниң байрам қутлықлаўы

100

1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Тахтакөпир районы Мәденият орайында салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Байрам кешесине райондағы мәкеме-шөлкем басшылары, депутатлар, тараў пидайылары ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратовлар шығып сөйлеп, муғаллим ҳәм устазларды кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар, аймақларда жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислерди үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Соңынан жас әўладты тәрбиялаў, ағартыўшылықты үгит-нәсиятлаў ҳәм билимлендириў тараўын раўажландырыўда айрықша белсендилик көрсеткен бир топар педагог-хызметкерлерге район ҳәкимлиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Байрам илажы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Усы күни район ҳәкими Жамбул Адилов 1-октябрь – “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” байрамы мүнәсибети менен мектеп дәўиринде өзине тәлим-тәрбия берген устазы Тазагүл Әширбекованың шаңарағына барып, оны байрам менен қутлықлады.

Буннан соң район ҳәкими устазы менен биргеликте А.Адилов АПЖ аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жәмәәти ҳәм оқыўшылары менен ушырасты.

Ушырасыўда район ҳәкими мектепте оқыған дәўирлерин еске алып оқыўшылар менен бөлисти ҳәм бүгинги күнде билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, оқыўшылардың билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.



Илаж соңында оқыўшыларға ҳәр қыйлы атамадағы китаплар саўға етилди. Сондай-ақ, устаз ҳәм шәкирт биргеликте мектеп аймағында саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин егип, улыўмахалықлық ийгиликли иске өзлериниң үлесин қосты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы