Комитет мәжилисинде айырым нызамларға киргизилип атырған қосымша ҳәм өзгерислер додаланды

Усы жылдың 14-август күни Сенаттың Аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Бул ҳаққында senat.uz хабар бермекте.
Комитет ағзалары тәрепинен “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам дәслепки тәризде көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Сондай-ақ, республикамызда миллий ҳәм сырт елли пайдаланыўшылар ушын рәсмий статистика мағлыўматларының ашық-айдынлығын ҳәм жәриялылығын ең жоқары дәрежеде тәмийинлеў, соның ишинде, экономика тармақларының раўажланыў көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Усы Нызам менен “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы ҳәм “Шығындылар ҳаққында”ғы нызамларға қурылыста пайдаланыў ушын мөлшерленген қурылыс айнасынан пайдаланыў нәтийжесинде пайда болатуғын шығындыларды қайта ислеў қәрежетлерин қаплаў ушын утилизация жыйымын енгизиўди нәзерде тутатуғын және айырым нызамларға Өзбекстан Республикасы Миллий статистика комитетиниң атамасы ҳәм ҳуқықый статусының өзгертилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Нызамның қабыл етилиўи қурылыс айнасы санаатын раўажландырыўға, оның қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыўға, қурылыс айналарының сапасын және де жақсылаўға, сондай-ақ, мәмлекеттиң рәсмий статистика тараўындағы ҳәкимшилик реформаларды нәтийжели әмелге асырыў шеңберинде статистика уйымларының жумысын жетилистириўге ҳәм рәсмий статистикадан пайдаланыўшылар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет етеди.
Мәжилисте аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўға илим жетискенликлерин енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери де додаланды.
Сенаторлар тәрепинен жиберилген сораў нәтийжесинде белгили бир жумыслардың әмелге асырылғанлығы атап өтилди.
Соның ишинде, аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы системасындағы илимий-изертлеў мәкемелери тәрепинен илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде улыўма баҳасы 49,7 миллиард сум болған 49 әмелий, 7 инновациялық, 1 фундаментал, 12 халықаралық жойбар бойынша изертлеўлер алып барылмақта.
Илимий-изертлеў институтларында топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм арттырыўға қаратылған қысқа ротациялы алмаслап егиў системасы ислеп шығылған ҳәм институтлардың ўәлаятлардағы илимий-изертлеў станциялары ҳәм туқымгершилик тәжирийбе хожалықларында 70 тен аслам жаңа ғаўаша сортларының басланғыш туқымгершилиги шөлкемлестирилген.
Соның менен бирге, “Сабзавот нав уруғлари” өндирислик кооперациясы шөлкемлестирилип, овощ ҳәм палыз егинлери сорт ҳәм гибридлериниң туқымларын ислеп шығарыў жолға қойылған және ҳәр қыйлы экстремал шараятларға шыдамлы болған масақлы ҳәм собықлы дән егинлери сортларын жаратыў мақсетинде “In vitro-seeds” комплекси шөлкемлестирилген.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы егинлериниң туқымгершилиги жолға қойылып, агрокластерлер, фермерлер ҳәм басқа да ислеп шығарыўшылар менен хожалық шәртнамалары тийкарында илимий қолланбалар енгизилген.
Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселелер бойынша Комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.
***
Усы күнниң өзинде халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң Аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери бойынша турақлы комиссияларының ағзалары ушын оқыў-семинары өткерилди.
Семинарда турақлы комиссиялардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, олардың тийкарғы бағдарлары бойынша анық режелерди белгилеў, ўәкилликлери шеңберинде әҳмийетли мәселелерди додалаў ҳәм анық нәтийжелерге ерисиў бойынша тәжирийбе алмасылды.
Комитет ағзалары тәрепинен жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссиялары ағзаларының тараўға байланыслы нызамшылықтағы жаңалықлар, өзгерислер бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў, тараўға байланыслы нызамларды көрип шығыўда олардың пикирин алыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.
Сондай-ақ, аўыл хожалығын реформалаў ҳәм раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, егинлерди суўғарыўда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм тараўда жаңа жумыс орынларын жаратыў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў, жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм оларды өз ўақтында шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Илажда жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының ағзалары өз пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги