Экологиялық басламаларды кеңейтиў илажлары жолға қойылмақта

114

“Мәмлекетлер аралық муўапықластырыўшы суў хожалығы комиссиясы” (МКВК)ныӊ илимий – мәлимлеме орайы директоры, Аралды Қутқарыў халықаралық қоры жойбарлары бойынша аймақлық бирге ислесиўши Д.Зиганшинаның басшылығындағы делегация Мойнақ районында рәсмий сапарда болды,-деп хабар бермекте Аралды қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалының баспсөз хызмети.

Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, 1992-жылы 18-февральда «Мәмлекетлер аралық муўапықластырыўшы суў хожалығы комиссиясы” (МКВК) Орайлық Азиядағы бес мәмлекет (Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан) тәрепинен улыўма суў ресурсларынан пайдаланыў, лимитлерди тастыйықлаў ҳәм  суўғарыў мәселелери бойынша қарарларды қабыл етиў мақсетинде дүзилген аймақлық  шөлкем болып есапланады.

1997-жылы  Аралды Қутқарыў халықаралық қоры усы шөлкемниӊ қурамына кирди.

Сапар даўамында Д.Зиганшина, Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис филиалының жойбарлары, бир қатар әҳмийетли объектлер, Аралбойы аймағында суў ресурсларын турақлы басқарыў,  “Аралбойы экосистемасын  тиклеў”, “Суў ресурсларынан турақлы пайдаланыў” бағдарында әмелге асырылып атырған  жойбарлары менен жақыннан танысты.

Ушырасыў шеңберинде –  суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, трансшегаралық бирге ислесиў, Аралбойы халқының турмыс дәрежесин жақсылаў, таза ишимлик суў тармақлары, дренаж системасы ҳәм суўды үнемлеўши технологиялар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы өз-ара пикир алысты.


– Аралбойы аймағында әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбар – тек ғана суў ресурсларын тиклеў емес, ал инсан саламатлығын, мәдений  қатнасықларды беккемлеў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға хызмет етпекте. Мойнақ бүгин суўды үнемлеўге айрықша итибар қаратылып атырған аймақлардан саналады,- дейди Д.Зиганшина.

«Мәмлекетлер аралық муўапықластырыўшы суў хожалығы комиссиясы” (МКВК) басшысының республикамызға рәсмий сапары, аймақтағы суў ҳәм экологиялық машқалаларды шешиўде, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған  әхмийетли қәдем болып саналады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги