Машқалаларға шешим изленди

256

Киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў, исбилерменлердиң жумысларында пайда болып атырған машқалаларды орнында үйренип шешим табыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.

Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасы тәрепинен орынларда исбилерменлер менен ашық пикирлесиўлер жолға қойылған болып, гезектеги ушырасыў Әмиўдәрья районында болып өтти.

Атап айтқанда, исбилерменлер тәрепинен салық жеңилликлеринен пайдаланыў тәртиби, салық есабатларын усыныўдағы машқалалар, қурылысы жуўмақланбаған объектлерге салық есаплаў, сондай-ақ, ҚҚС бойынша кери айырмашылық суммасының қайтарылыўы сыяқлы әҳмийетли мәселелер көтерилди.

Усы сыяқлы жүзбе-жүз сөйлесиўлерде исбилерменлердиң машқалаларына тиккелей шешим табыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм исбилерменлер арасындағы исенимли бирге ислесиўди еле де беккемлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Ашық пикирлесиўде машқалаларға шешим изленип, пикир-усыныслар билдирилди. Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.