Оқытып, бизнесин баслаўға да жәрдем бериледи

Ҳәзирги ўақытта Бозатаў, Мойнақ ҳәм Қанлыкөл районларында өткерилип атырған семинарлар жүзлеген ҳаял-қызлардың әрманларын жүзеге шығарыўға, бизнес-реже таярлап исбилерменлигин баслаўға илҳам берип, мойнақшы ҳаял-қызлардың турмысына да жаңа өзгерис алып келмекте.
“Аўыл исбилерменлигин раўажландырыў – 2-фаза” жойбары шеңберинде 1500 ҳаял-қыз ️5 модуль тийкарында билим алмақта. Бул оқыўда қәнигелер тәрепинен айтылған сөзлер, өткерилген презинтациялар, әмелий сабақлар оларға күш бағышлап, исбилерменлик жумысын баслаўға мотивация бермекте.
Оқыўларда ҳаял-қызлардың исбилерменлигин раўажландырыў жойбарлары бойынша да мағлыўматлар берилмекте. Атап өтилгениндей, ең жақсы грант жойбарлары 5000 – 15000 АҚШ доллары муғдарында қаржыландырылады. Шынында да бул үлкен қаржы. Бул нәрсе ҳаял-қызларға болған исеним, олардың әрманларына ашылған келешек есиги.
Семинарға Мойнақ районы ҳәкими Б.Менглибеков қатнасып, ол барлық қатнасыўшыларға әўмет ҳәм табыслар тиледи!
Атап өтилгениндей, мойнақшы ҳаял-қызлар да грант тийкарында өз биснесин басламақта. Бүгин Мойнақ районы тек ғана илҳам ҳәм исеним мәканы емес, ал имканиятлар орайына да айланып, күшли, еркин ҳәм белсенди ҳаял-қызлар жерине айланбақта.



Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, «CEED» (Болгария), «Annexure» халықаралық бизнести қоллап-қуўатлаўшы бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен өткерилип атырған бундай илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги