Урыс қатнасыўшыларының ҳүрметине гүл шеңберлер қойылды

502

Пүткил инсаният тарийхында өшпес из қалдырған Екинши жер жүзилик урыс ақыбетлери арадан 80 жыл өтсе де халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалған.  Кимди әкеден, кимди перзентинен, кимди аға менен иниден, кимди өмирлик жолдасынан айырған бул урыс ақыбетлери халқымызды бүгинги тынышлық заманымызға шүкиршилик етип жасаўға шақырады.

Мәмлекетимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында алып барылып атырған кең көлемли ибратлы ислер қатарында  9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәр жылы кең түрде белгиленип, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары менен   фронт артында хызмет еткенлердиң жеңис ушын еткен хызметлерин мүнәсип баҳалап, олардың жағдайларынан хабар алыў ҳәм еслеў кең түрде дәстүрге айланған. Сондай-ақ, орынларда байрам илажлары өткерилип, урыс қатнасыўшыларының ҳүрметине исленген естелик орынларына гүллер қойылмақта.

Усындай илажлардың бири  Хожели районы орайындағы «Ҳәсиретли Ана» естелиги алдында да болып өтти. 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген байрам салтанатына район ҳәкими Ж.Ермашев, республикадан бириктирилген ўәкиллер, райондағы кәрхана, мәкеме, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм 28 мәҳәлле белсендилери қатнасты. Илажда  әўладлар келешеги ушын жанын пидә еткен батырларымыз еске алынып, олардың ҳүрметине гүл шеңберлер қойылды.



Салтанатлы кеше районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм мектеп оқыўшылары атқарыўында концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги