Қанлыкөлли жаслар жеңимпаз болды

Республиклық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебинде Бес баслама олимпиадасы шеңберинде спорттың гандбол түринен ерлер арасында «Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы кубоги» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 17 команда қатнасып, өз-ара беллести.
Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, Қанлыкөл районы Сары алтын аўыл пуқаралар жыйынының жаслары биринши орынды ийелеп, кубоктиң Өзбекстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизди.
Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Шымбай районының Шахтемир елаты ҳәм Қараөзек аўыл пуқаралар жыйынының командасына несип етти.



Өткерилген жарыс жуўмағында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы