Нөкисли қызлар Ташкентке жоллама алды

309

Нөкис қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың гандбол түринен қызлар арасында «Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы кубоги» жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 17 команда қатнасып, өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған  жарыс жуўмағына бола, биринши орынды Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйыны командасы ийелеўге миясар болды ҳәм жарыстың Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.



Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Әмиўдәрья районындағы Тарёп ҳәм Шымбай районындағы  Оржап мәкан пуқаралар жыйынларының командалары ийелеўге еристи.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,    

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы