Районлық басқыш жеңимпазлары анықланды
282

Кегейли районында 16-30 жас аралығындағы ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында спорттың мини-футбол түри бойынша Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети кубогиниң Кегейли районлық финал басқышы болып өтти.
Қызықлы беллесиўлерге толы болған жарыс жуўмағында, ҳаял-қызлар арасында биринши орынды Абат аўыл пуқаралар жыйыны командасы жеңип алыўға миясар болды.


Ал, Жаңабазар ҳәм Жүзимбағ елаты жасларына сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар несип етти.
Жигитлер арасында өткерилген жарыс жуўмағында, Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, бас сыйлық ийесине айланды.
Бахытлы ҳәм Жаңабазар елаты командалары гүмис ҳәм қола медальларын қолға киргизиўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы