Артур Кеңесбаев қола медалын қолға киргизди

Иорданияның Амман қаласында бокс бойынша 17 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты болып өтпекте.
Жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы еки боксшы қатнаспақта. Атап айтқанда, -70 кг салмақтағы боксшимиз Улбосын Жалғасбаева шерек финалда Қытай Тайпейи сайланды командасының ағзасы Ченг-Ҳуи Зоуни, ярым финалда украиналы Владислава Наляваикони 5:0 есабында жеңип, Азия чемпионатының финалына жолламаны қолға киргизди.
Жас өспиримлер арасында өткерилип атырған беллесиўлерге +80 кг салмақта қатнасып атырған Артур Кеңесбаев шерек финалда иорданиялы Исса Омарды жеңген болса, ярым финалда Олександр Хоменконға жеңилип қалды ҳәм бронза медаль ийесине айланды.
Финал ойынлары 30-апрель күни болып өтеди.
Қәбилетли боксшилеримизди жарысқа тәжирийбели тренерлерден Асқар Жуманов ҳәм Шараф Айтбаевлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы