Земфира алтын медаль ийесине айланды

282

Усы жыл 14-17-апрелькүнлери Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында спорттың Белбеўли гүрес түринен ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Байрам Еркинбаевтың естелигине бағышланып, Халықаралық Гран-при жарысы болып өтти.

Жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан республикамыз ўәкили Земфира Азатова 65 кг салмақ категориясында барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.

-Шәкиртимниң табысы бизлерди және де алға қарай умтылдырады,-дейди Земфираның тренери Дүкенбай Садуақасов.-Ҳәзирги ўақытта Әндижан ўәлаятында жарысларға қатнасып атырмыз. Несип етсе, бул жарыста да республикамыздың абырайын мүнәсип түрде қорғап, медальларды қолға киргизиўге ҳәрекет етемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы