Өзбекстан ҳәм Европа: экономикалық раўажланыў жолында халықаралық тәжирийбе үйренилмекте

255

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров Халықаралық   мәсләҳәт кеңесиниң экспертлери Альфред Гузенбауэр, Алекандр Квасьневский ҳәм Штефан Фюле менен ушырасты.

Ушырасыў  алдында мийманлар Өзбекстанда социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги режелерге жоқары баҳа берди.

Соң бир қатар тийкарғы бағдарлар додаланды. Атап айтқанда, салық басқармасын жетилистириў, пенсия системасын раўажландырыў, инсан капиталын арттырыў ҳәм демографиялық дивидендтен нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша пикир алысылды. Сондай-ақ, аймақларды турақлы раўажландырыўда Европаның алдынғы тәжирийбелерин қолланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер «жасыл» экономиканы хошаметлеў, «жасыл» трансформация  процесслерин жеделлестириў ҳәм заманагөй және турақлы ыссылық тәмийнаты системасын қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Соның менен бирге, энергия нәтийжелилигин  арттырыў ҳәм миграция менен  байланыслы экономикалық потенциалды раўажландырыў бойынша бирге ислесиў имканиятлары көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм келешектеги бирге ислесиўди және де раўажландырыўға келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА