Өзбекстан жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин қорғаўда бирлесиўге шақырады

298

Ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлери планетамыз экосистемаларының ажыралмас бөлеги болып есапланады. Тилекке қарсы, ҳәзирги күнде олар климат өзгериўи, жасаў орынларының жарамсыз жағдайға келиўи, нызамсыз аң ҳәм саўда сыяқлы үлкен қәўип-қәтерлерге дус келмекте.

Өзбекстан жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин қорғаў бойынша халықаралық бирге ислесиўди баслап, биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў бағдарындағы ҳәрекетлерин даўам еттирмекте.

Өзбекстан Республикасы Экология, қоргаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлаў ҳаққындағы конвенция (CMS) қатнасыўшылары 14-конференциясына басшылығы шеңберинде CMS секретариаты менен биргеликте Берлин қаласында жаңа мәмлекетлерди Конвенцияға тартыўға қаратылған жоқары дәрежедеги илаж шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасының Берлиндеги елшиханасында Конвенция секретариаты менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда 50 ден артық жоқары дәрежедеги ўәкил қатнасты.

Илажда қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетимиздиң миллий ҳәм халықаралық көлемдеги стратегиясы усынылды. Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов CMS конвенциясына жаңа мәмлекетлердиң қосылыўы әҳмийетли екенлигин атап өтип, Өзбекстан басшылығы (2024-2026-жыллар) дәўиринде шөлкемге ағза болыўдан мәпдар мәмлекетлерге зәрүр жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин билдирди.

Тараў ўәкиллериниң атап өтиўинше, жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлериниң генетикалық ресурслары қысқармақта, олардың баҳалы ҳәм сийрек гезлесетуғын түрлери, тәбийғый үйлесиўлик ҳәм экосистемлар жоқ болып бармақта. Изертлеўлерге бола, жер бетинен соңғы 50 жылда олардың 100 ден артық түри, Орайлық Азияда 12 түрдеги сүт емизиўшилер жоқ болып кетти.

Илажда Өзбекстанның ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин қорғаў басламасын әмелге асырыўдағы жетекши роли атап өтилип, Самарқандта болып өткен Конвенция қатнасыўшыларының 14-конференциясында қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан глобал экологиялық күн тәртибине садықлығын және бир мәрте тастыйықлап, халықаралық жәмийетти тәбиятты қорғаў ҳәм жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлериниң турақлы келешегин тәмийинлеў бойынша биргеликте илаж көриўге шақырады.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА