Инклюзив топарлар шөлкемлестириледи

Президентимиздиң «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына тийкарланып, 2025-жылы тәжирийбе-сынақ түринде ҳәр бир район (қала) дағы биреўден улыўмалық түрдеги мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде инклюзив билимлендириў топарларын ашыў белгиленген.
Инклюзив билимлендириўдиң тийкарғы мақсети –ҳәр бир бала өзиниң өзгешелигине қарамастан, барлық имканиятларға ийе болып, бирдей үйрениўи, социалласыўы ҳәм жәмийетте өз орнын табыўына жәрдемлесиў болып есапланады.
Усыған муўапық ҳәзирги күнде Бухара ўәлаяты аймақларындағы жәми 13 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде инклюзив билимлендириў топарлары хызметин жолға қойыў жумыслары алып барылмақта.
Усы МБШларда өз алдына билимлендириў талаплары болған балалар ушын тән шараятлар жаратылған болып, индивидуал тәрбия усыллары, қалаберди, психолог ҳәм дефектолог сыяқлы қәнигелер менен ислесиў имканиятлары бар.
ӨзА