«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар кең көлемде әмелге асырылмақта

Елимиздеги экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары әмелге асырылып, аймақларда мыңлаған терек ҳәм пута нәллерин егиў акциялары әмелге асырылып келинбекте.
Жуўмақланған 2024-жылы ҳәм «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги илажлар кең көлемде әмелге асырылып, буның ушын Мәмлекетлик бюджеттен 100 миллиард сум қаржы ажыратылған. Бул қаржылардың 52 миллиард сумы «Ашық бюджет» порталы арқалы «Мениң бағым» жойбарын жетилистириўге, 48 миллиард сумы басқа көклемзарластырыў илажлары ушын бағдарланған.

Усы қаржылар есабынан республиканың 208 районында «Мениң бағым» жойбары шеңберинде «Жасыл бағ» ҳәм «Жасыл жәмийет парк»лери қурылмақта. Буннан тысқары, 445 гектар майданда жасыл бағлар ҳәм көклемзарластырыў илажлары әмелге асырылған.
Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясының фракциясы ҳәм Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилисинде атап өтилди. Онда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң «2024-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан пайдаланыў менен байланыслы мақсетли индикаторларының орынланыўы ҳаққында»ғы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, ҳәр жылғы Мәмлекетлик бюджеттиң мақсетли жумсалыўы бойынша экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында да системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы шөл, таўлы ҳәм таў алды аймақларда шөллениў ҳәм қум көшиўи, топырақтың суў ҳәм самал эрозиясының алдын алыў ҳәм экологиялық орталықты жақсылаў мақсетинде 1 мың 887 гектар қорғаў тоғайлары (ихота) қурылды.

Додалаўлар даўамында депутатлар Мәмлекетлик бюджеттен мақсетли индикаторлар ушын ажыратылған қаржылардың толық өзлестирилмегени бойынша қарсылық билдирди. Соның менен бирге, бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда, тәбиятты қорғаў илажларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша өз усыныс ҳәм пикирлерин билдирди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА