Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында

211

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарары

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың ийгиликли арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм өзиниң таланты, әҳмийетли идея ҳәм басламалары, ибратлы әмелий ислери ҳәм ерискен жетискенликлери менен жасларға үлги болып киятырған, социаллық-экономикалық турмысымыздағы өзгерислер процесинде белсене қатнасып, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында күш-ғайраты, заманагөй билим ҳәм тәжирийбеси, руўхый-интеллектуаллық потенциалын  көрсетип атырған қызларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:

  1. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жанындағы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының талантлы қызларын жақсы минез-қулқы, айрықша таланты, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы жетискенликлери ҳәм билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары тараўларында ҳәм жәмийетлик жумыста ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март- Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында сыйлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелеринниң ибратлы жумысы, олардың айрықша таланты ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А. Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңейгөйи  Ғ. Мирзаевқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

       Президенти                                               Ш.Мирзиёев

 

Ташкент қаласы,

2025-жыл 3-март                             

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2025- жыл 3-марттағы  ПҚ–86-санлы қарарына қосымша

 

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлар

ДИЗИМИ

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

Төремуратова Бийбиназ
Кенесбай қызы
Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң Нөкис филиалы компьютер инжиниринги қәнигелиги бойынша 1-басқыш магистранты
Ибрагимова Шахзада Алишер қызы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң көркем гимнастика бойынша тренери