Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Республикада соңғы жылларда дәрилик өсимликлерди қорғаў, медициналық ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, дәрилик өсимликлер жетистиретуғын плантацияларды шөлкемлестириў ҳәм оларды қайта ислеў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Жергиликли флораға тийисли 4,3 мыңнан аслам өсимликлердиң 750 түри дәрилик есапланып, олардан 112 түри илимий медицинада пайдаланыў ушын дизимге алынған, соннан 70 түри фармацевтика санаатында белсене қолланылып келинбекте.
2019-жылда 48 миллион АҚШ доллары баҳасындағы қайта исленген дәрилик өсимликлерден алынған өнимлер экспорт етилген.
Соның менен бирге, таллаўлар дәрилик өсимликлерди қорғаў, олардың плантацияларын шөлкемлестириў, қайта ислеў арқалы қосымша қун шынжырын жаратыў зәрүр екенлигин көрсетпекте.
Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеўди және де раўажландырыў ушын қолайлы орталық жаратыў, тараўдың экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, билимлендириў, илим ҳәм өндирис процеслерин интеграциялаў мақсетинде:
1.Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландрыў агентлигиниң 2020-жыл 1-майдан баслап дәрилик өсимликлерди жетистириў, сақлаў, бирлемши ямаса терең қайта ислеў кластерлерин (кейинги орынларда – дәрилик өсимликлер кластери)шөлкемлестириў, сондай-ақ, аймақларды дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша қәнигелестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
2. Дәрилик өсимликлерди жетистириўге қәнигелестирилетуғын аймақлардың дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
3. а) дәрилик өсимликлер кластерине жер майданы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәм интакерлер арасында дүзилетуғын келисим тийкарында ажыратылатуғынлығы;
б) сырт ел инвесторларының қатнасыўында шөлкемлестирилетуғын дәрилик өсимликлер кластерине жер майданы Аўыл хожалығы министрлиги, тоғай фондының жерлеринде болса Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети менен дүзилетуғын инвестиция киргизиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаннан соң Министрлер Кабинети тәрепинен ажыратылатуғынлығы.
Бунда, дәрилик өсимликлер кластерлерине жер майданы дәрилик өсимликлер жетистириўге тән болған, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге ажыратылмаған ҳәм аўыл хожалығы ушын мөлшерленген жерлерден, резервтеги жерлерден, сондай-ақ, суўғарылмайтуғын ҳәм тоғай фонды жерлеринен ажыратылатуғынлығы;
в) дәрилик өсимликлер кластерин шөлкемлестиретуғын интакер тәрепинен тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги (тоғай фонды жерлеринде – Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети)не төмендеги ҳүжжетлер усыныс етилетуғынлығы:
дәрилик өсимликлер кластерин шөлкемлестириў бойынша арза;
дәрилик өсимликлер кластериниң жумысын шөлкемлестириўде дәрилик өсимликлерди жетистириў, қорғаў, қайта ислеў ҳәм ресурс үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша инвестиция жойбарларды әмелге асырыў бойынша бизнес-жоба ямаса техникалық-экономикалық жақтан тийкарланған хат;
дәрилик өсимликлер кластериниң жумыс ислеўи ушын зәрүр инфраструктура объектлери (пайдаланыў ҳуқықы тийкарында), сондай-ақ, мүлк ҳәм басқа да қураллардың бар екелиги ҳаққында мағлыўматнама.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлардың ҳәкимлери дәрилик өсимликлер кластерлерин шөлкемлестириўде экономикалық жақтан турақлы жумыс ислеп атырған, зәрүр инфраструктура объектлери, сондай-ақ, мүлк ҳәм басқа да қуралларға ийе болған потенциаллы юридикалық тәреплерди таңлаў ҳәм қәлиплестириўге жеке жуўапкер есапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.
4. Төмендегилер дәрилик өсимликлер кластериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
дәрилик өсимликлерди жетистириўшилер менен жетистирилген өнимди сатып алыў бойынша шәртнамалар дүзиў, оларды туқым, минерал төгинлер, техника, жанар май ҳәм басқа да қураллар менен тәмийинлеў;
қәнигелестирилген аймақларда дәрилик өсимликлерди жетистириў, туқымлар ҳәм нәллерди таярлаў, басқышпа-басқыш заманагөй дәрилик өсимликлердиң плантацияларын шөлкемлестириў;
дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм туқым жетистириўди шөлкемлестириўде алдынғы илим жетискенликлерин қолланыў;
дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм оларды қайта ислеў бойынша халықаралық шөлкемлер менен өз-ара белсене бирге ислесиў ҳәм тараўға басқышпа-басқыш инновациялық шешимлерди (ноу-хау) енгизиў;
дәрилик өисмликлерди жетистириў ҳәм оларды қайта ислеўге сырт ел компанияларының инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларын тартыў;
дәрилик өсимликлер ҳәм олардан алынатуғын өнимлерге болған ишки базар талабын қанаатландырыў ҳәм оларды экспорт етиў;
тәжирийбелер ҳәм мағлыўматлардың турақлы алмасыўын шөлкемлестириў арқалы усы бағдардағы сырт ел илимий-изертлеў орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў, халықаралық изертлеў бағдарламалары, әнжуманлар ҳәм симпозиумларда қатнасыў.
5. а) дәрилик өсимликлердиң плантациялары ресурс үнемлейтуғын технологияларды қолланған ҳалда, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғыны, Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры, халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан қурылатуғынлығы;
б) дәрилик өсимликлер кластерлерине:
жер майданларын пайдаланыўға киргизиўде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдағы «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5742-санлы Пәрманында;
қайта тикленетуғын энергия дәреклериниң қурылмалары, энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмалар ҳәм қазанлар, сондай-ақ, энергияның нәтийжели басқа да үскенелерин сатып алыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-августтағы «Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыўдың жедел илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4422-санлы қарарында;
аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 4-апрельдеги «Аграр секторды аўыл хожалығы техникалары менен өз ўақтында тәмийинлеўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4268-санлы қарарында нәзерде тутылған жеңилликлер енгизилетуғынлығы белгиленсин.
6. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Иноовациялық раўажланыў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң дәрилик өсимликлер кластерлери, дәрилик өсимликлерди жетистириўшилер ҳәм оларды қайта ислеўшилер тәрепинен 2023-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын өндирис зәрүрликлери ушын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизим бойынша алып келинетуғын шийки зат, соның ишинде, мәдений плантацияларды қурыў ушын туқымлар ҳәм нәллерди, үскенелер және арнаўлы техникаларды, сондай-ақ, фитобарлар ушын вендинг автоматларын бажыхана бажысынан азат етиў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Бунда, вендинг автоматлары тек фитобарлар шөлкемлестириў ушын емес, ал бажыхана жеңилликлери берилиўи есабынан босайтуғын қаржыларды ислеп шығарыўды техникалық қайта үскенелеў ҳәм модернизациялаўға мақсетли бағдарланады.
7. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте:
бир ай мүддетте азайып баратырған табийғый жағдайда өсетуғын айрықша дәрилик өсимликлердиң дизимин қәлиплестирсин ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен әмелге асырылған дәрилик өсимликлерге байланыслы илимий изертлеўлер, жаңа инновациялық қолланбалар бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин, сондай-ақ, олардың системалы түрде жаңаланып барылыўын тәмийинлесин;
медицинада қолланылатуғын дәрилик өсимликлер коллекциясының участкасын ҳәм генбанкин шөлкемлестирсин;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте өсимлик шийки затын терең қайта ислеў тийкарында дәри субстанцияларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў механизмлерин енгизиў бойынша илажлар режесин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
8. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а) Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте дәри-дәрмақлар менен бир қатарда химиялық дәри-дәрмақлардың организмге унамсыз тәсириниң алдын алыў белгилерине қарап дәрилик өсимликлерди минимум стандарт рецептлерине киргизиў бойынша тийисли ҳүжжетлерге өзгерислер киргизсин;
2020-жыл 1-июньнен баслап медицина мәкемелери, соның ишинде, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық врачлық пунктлеринде фитобарлар шөлкемлестирилсин;
б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги қасындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары есабынан халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиўши шөлкемлер ҳәм қәнигелер, олардың жумыс тәжирийбеси, көрсететуғын хызмет түрлери ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин.
9. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги ҳәр жылы 1-декабрьге шекем фармацевтика тармағының дәрилик өсимликлерге болған талабын (түри, көлеми, технологиялық талаплар ҳәм басқалар) Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетине киргизсин.
10. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң орайлық аппаратында Дәрилик ҳәм емлик өсимликлерин раўажландырыў бөлими негизинде 5 штат бирлигинен ибарат Дәрилик ҳәм емлик өсимликлерин раўажландырыў басқармасы шөлкемлестирилсин.
Усы басқарманың қосымша штат бирликлери Аўыл хожалығы министрлигиниң аймақлық бөлимлери ҳәм системасындағы 3 штат бирлигин қысқартырыў есабынан қәлиплестириледи.
11. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийинатының илимий-өндирислик орайы Өсимликтаныў илимий-изертлеў институтында бар штат бирликлери шеңберинде дәрилик өсимликлер селекциясы, туқым жетистириў ҳәм агротехника бөлимин шөлкемлестирсин.
Бунда, усы бөлимге дәрилик өсимликлерди жетистириў, олардың селекциясы ҳәм туқымгершилиги бойынша илимий изертлеўлер алып барыў және агрохимия картограммаларын ислеп шығыў ўазыйпалары жүкленсин.
12. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийинаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги, коммерциялық банклер менен биргеликте дәрилик өсимликлерди жетистириў, қайта ислеў, олардың мәдений плантацияларын жаратыў, туқым жетистириў ҳәм ғалабаллық нәл атызларын шөлкемлестириў ушын халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтлары, сырт ел ҳүкиметлик шөлкемлериниң қаржылары ҳәм грантларын тартыў илажларын көрсин.
13. Азайып атырған медициналық түрде өсетуғын айрықша өсимликлерди топлаў (ғамлаў) ҳәм сыртқа алып шығыў ушын руқсатнамалар ажыратылатуғын квотаның кеминде 50 процент көлеминде медициналық плантацияларды қурыў шәрти менен берилетуғынлығы;
дәрилик өсимликлерди топлаў (ғамлаў), оларды алып кириў ҳәм сыртқа алып шығыўға руқсатнамалар ушын, арзаларды көрип шығыў ҳәм руқсатнама бериў ушын өндирилип, жәргиликли бюджетке бағдарланатуғын төлемлер (тоғай фондының жерлери буған кирмейди) тәбийғый түрде өсетуғын, соның ишинде, жоқ болып баратырған дәрилик өсимликлерди сақлаў, хатлаўдан өткериў, олардың мәдений плантацияларын жаратыў, ғалабалық нәл атызларын шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлерди жетистириўге байланыслы технологиялық карталарды ислеп шығыў қәрежетлерин қаплаў ушын жумсалатуғынлығы;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери тәбийғый түрде өсетуғын, соның ишинде, жоқ болып баратырған дәрилик өсимликлерди сақлаў, хатлаўдан өткериў, олардың плантацияларын жаратыў, ғалабалық нәл атызларын шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлерди жетистириўге байланыслы технологиялық карталарды ислеп шығыў қәрежетлерин қаплаў ушын жергиликли бюджетке қаратылған қаржылардың жумсалыўына жеке жуўапкер есапланатуғынлығы белгиленсин.
14. Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети:
а) Илимлер академиясы менен биргеликте:
жоғалып кетиў қәўипи астында болған жабайы түрде өсетуғын дәрилик өсимликлердиң қорғалыўын күшейтиў, оларды тәбийғый плантацияларды қурыў жоллары менен тиклеў илажларын көрсин;
еки ай мүддетте азайып баратырған айрықша дәрилик өсимликлер бар болған «арнаўлы аймақ»ларды ажыратыў ҳәм оларды қорғаўға алыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
б) Аўыл хожалығы министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте жоғалып баратырған дәрилик өсимликлерди сақлаў, хатлаўдан өткериў, олардың мәдений плантацияларын, ғалабалық нәл атызларын шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлерди жетистириўге байланыслы технологиялық карталарды ислеп шығыў қәрежетлерин қаплаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
15. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги бир ай мүддетте:
а) Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте дәрилик өсимликлердиң плантацияларын қурыў бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер және инновациялық илимий-техникалық жойбарлар бойынша грант таңлаўларын жәриялаўды тәмийинлесин. Бунда, дәрилик өсимликлердиң мәдений плантацияларын жаратыў, туқым жетистириў, ғалабалық нәл атызларын шөлкемлестириў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылсын;
дәрилик өсимликлердиң мәдений плантацияларын қурыў ҳәм қайта ислеў бойынша «стартап» жойбарлар қәлиплестириўин және грант таңлаўлары тийкарында әмелге асырылыўын тәмийинлесин;
б) Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Илимлер академиясы менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында «Өзбекстан дәрилик өсимликлери» киши инновациялық кәрханасын шөлкемлестирсин. Бунда, усы кәрхананың тийкарғы ўазыйпасы етип дәрилик өсимликлердиң үлги кластерлерин шөлкемлестириў, дәрилик өсимликлерге байланыслы илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелерин енгизиў ҳәм үгит-нәсиятлаў, халықаралық финанс институларының қаржыларын, сырт ел инвестицияларын тартыў есапланады.
«Өзбекстан дәрилик өсимликлери» киши инновациялық кәрханасының жумысы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары, қәўендерлик, хызмет көрсетиўден түсетуғын, халықаралық финанс институтларының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылады.
16. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
2020/2021 оқыў жылынан баслап 2025/2026 оқыў жылына шекем орта, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў системасында дәрилик өсимликлерге байланыслы арнаўлы саатларды оқыў режелерине киргизсин;
2020/2021 оқыў жылы басланғанға шекем Аўыл хожалығы министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте оқыў бағдарламалары, сабақлықлар ҳәм қолланбаларға дәрилик өсимликлер ҳаққында мағлыўматлар киргизилиўин тәмийинлесин;
2020/2021 оқыў жылынан баслап мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде фитобарлар шөлкемлестирилсин.
17. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2020-жылдың 1-июнинен баслап басқышпа-басқыш барлық министрликлер ҳәм уйымларда, Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропорты және жергиликли аэропортларда, барлық түрдеги автовокзал, темир жол вокзалларында, базарлар, санаторий-курорт мәкемелеринде және басқа халық көп жыйналатуғын орынларда фитобарлар шөлкемлестириў илажларын көрсин.
18. Исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик уйымларда фитобарлар шөлкемлестирилгенде, мәмлекетлик мүлк объектлеринен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң белгиленген муғдарлары 50 процентке азайтылған ҳалда есапланатуғынлығы.
Бунда фитобарлар вендинг автоматлары арқалы шөлкемлестирилген жағдайларда, мәмлекетлик мүлк объектлеринен пайдаланғаны ушын ижара төлемлери есапланбайтуғыны белгилеп қойылсын.
19. Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлигиниң палатаның орайлық аппаратында болған штат бирликлери шеңберинде Дәрилик ҳәм емлик өсимлик жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў бөлимин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын;
Бунда усы бөлимниң тийкарғы ўазыйпалары дәрилик ҳәм емлик өсимлик жетистириўшилердиң мәплерин қоллап-қуўатлаў, сырт еллерде көргизбелер шөлкемлестириў, жетистирилетуғын дәрилик ҳәм емлик өсимликлердиң өзгешеликлери, олар жетистирилетуғын аймақлар ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алатуғын электрон мәлимлеме системасын жаратыў екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
20. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары (Ў.Барноев):
еки ҳәпте мүддетте 2020-жылда дәрилик өсимликлерди жетистириўши, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўшилер тәрепинен шөлкемлестирилетуғын кластерлердиң мәнзилли дизимин ҳәм дәрилик өсимликлерди жетистириўдиң прогнозлық көрсеткишлерин тастыйықласын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң усынысына муўапық, ҳәр жылы 1-октябрьге шекем дәрилик өсимликлер кластерлерин шөлкемлестириўшилердиң дизимин қәлиплестирсин.
21. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте дәрилик өсимликлердиң мәдений плантацияларын және аналық нәл орынларын пайда етиў ушын алып келинетуғын туқым ҳәм нәллер ушын карантин рухсатнамасын бериў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
22. Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Инновациялық раўажланыў министрлиги және Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Фармацевтика тараўын раўажландырыў агентлигиниң буйыртпасына муўапық дәрилик өсимликлер тараўында халықаралық қаржы институтлары қатнасыўында әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде дәрилик өсимликлерди жетистириўшилер, қайта ислеўшилер ҳәм қәнигелерди сырт еллерге жиберсин.
23. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери:
Өзбекстан дәрилик өсимликлери киши инновациялық кәрханасы тәрепинен үлгидеги дәрилик өсимликлер кластерлери ҳәм орынларда фитобарлар шөлкемлестирилиўин;
Дәрилик өсимликлер кластерлерине дәрилик ҳәм емлик өсимликлерди жетистириўге сәйкес болған жер майданлары ажыратылыўын тәмийинлесин.
24. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
25. Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясына дәрилик өсимликлердиң медициналық әҳмийети, медицинада қолланылыўы, халық медицинасы, дәрилик өсимликлердиң тәбийғый плантацияларын жаратыў, аналық нәл орынларын шөлкемлестириў, инновациялық технологияларды енгизиўге байланыслы арнаўлы көрсетиўлер ҳәм роликлерди турақлы түрде көрсетип барыў жүкленсин.
26. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ў.И.Барноевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 10-апрель.